Қалаларды турақлы раўажландырыў, қала инфраструктурасын жетилистириў ҳәм қала қурылысы тараўына заманагөй көзқарасларды енгизиў мәселелери бойынша БМШ-Хабитат пенен бирге ислесиўди кеңейтиў перспективалары додаланды.
Өткен жылы Самарқанд климат форумында ерисилген келисимлердиң орынланыўы да көрип шығылды. Өз-ара бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў, соның ишинде, биргеликтеги "жол картасы"н таярлаў, тараўға байланыслы жойбарларды алға қойыў ҳәм экспертлик бирге ислесиўди кеңейтиў әҳмийетли екени атап өтилди.
Өзбекстан жетекшиси тәрепинен урбанизация бойынша пүткил жер жүзилик форумда алға қойылған басламаларды әмелге асырыў бойынша да пикир алысылды.