Гәп, бәринен бурын, жоқары қосымша қун жарататуғын, бәсекиге шыдамлы, жеке меншик секторға сүйенетуғын, заманагөй технологиялардан пайдаланатуғын ҳәм инсан капиталына сүйенетуғын экономиканы қәлиплестириў ҳаққында бармақта. Бүгинги экономикалық көрсеткишлер мәмлекетте бундай өзгерислер ушын белгили бир тийкар қәлиплескенин көрсетпекте. 2026-жылдың биринши ярымында Өзбекстан экономикасы 8,5 процентке өсти. Санаатта 8 процент, хызметлерде 16,9 процент, қурылыста 13,8 процент, аўыл хожалығында 4,7 процент өсиў бақланған. Бул санлар, әлбетте, экономикалық белсендилик жоқары екенин көрсетеди.

Өзбекстан экономикасы узақ жыллар даўамында экономикада мәмлекеттиң жоқары қатнасыўы, ресурс ҳәм шийки зат факторларына үлкен сүйениў, ишки базардың салыстырмалы жабықлығы ҳәм айырым тармақларда бәсеки имканиятларының шекленгени менен характерленди. Бундай модель белгили дәўирде экономикалық өсиўди тәмийинлеўи мүмкин. Бирақ заманагөй дүнья экономикасында бәсеки барған сайын күшейип атырған шараятта тек ғана ресурсларды көбейтиў арқалы жоқары нәтийжеге ерисиў қыйын. Соның ушын соңғы жыллары экономикалық сиясаттың мазмуны сезилерли дәрежеде өзгермекте. Базар механизмлерин күшейтиў, жеке меншик мүлк ҳәм исбилерменликти хошаметлеў, валюта базарын либералластырыў, мәмлекетлик кәрханаларды трансформациялаў, сыртқы саўда ҳәм инвестициялық орталықты жақсылаў сыяқлы бағдарлар экономикалық реформалардың әҳмийетли бөлимлерине айланды. Бул процеслердиң улыўма логикасы бир мақсетке келип тақалады – экономикалық ресурслардан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў.

Президентимиз тәрепинен кейинги басқыштағы реформаларда экономиканы технологиялық ҳәм инновациялық өсиў моделине өткериў, инвестицияларды алдынғы технологиялар трансфери, жоқары қосымша қун ҳәм мийнет өнимдарлығы менен байланыстырыў ўазыйпасы айрықша атап өтилмекте. Бул қатнас экономикалық сиясатта әҳмийетли бир бурылысты анлатады: енди инвестицияның өзи емес, инвестиция нәтийжесинде қандай технология, қандай өним, қандай өнимдарлық ҳәм қандай қосымша қун пайда болыўы әҳмийетли. Президентимиздиң 2026-жыл ушын белгилеп берген тийкарғы ўазыйпаларында да ҳәр бир инвестициялық доллар алдынғы технологияларды алып кириў, жоқары қосымша қунлы өним ислеп шығарыў, ресурслардан нәтийжели пайдаланыў ҳәм жергиликли кадрларды жаңа технологияларға таярлаўға хызмет етиўи зәрүр екенлиги атап өтилген. Демек, реформалардың бүгинги басқышы "көбирек қаржы"дан "көбирек нәтийже"ге өтиў менен характерленбекте.

Жәҳән банки таллаўларында Өзбекстан ушын әҳмийетли ўазыйпалардан бири өсиўдиң инвестицияларға артықша байланыслылығын азайтыў ҳәм улыўма факторлардың өнимдарлығын арттырыў екени атап өтилген. Бунда технология, басқарыў сапасы, бәсеки орталығы ҳәм инсан капиталы шешиўши факторлар сыпатында көринеди. Демек, кешеги тәжирийбеден шығатуғын ең әҳмийетли сабақ – капитал ҳәм ресурсларды көбейтиўдиң өзи жетерли емес. Бирдей ресурстан көбирек экономикалық нәтийже алыўды үйрениў керек. Бул болса өнимдарлық мәселесин экономикалық сиясаттың орайына алып шығады.

2025-жылы Өзбекстан экономикасы реал есапта 7,7 процент өсти. 2026-жылдың алты айында болса экономикалық өсиў 8,5 процентке тезлести. Соның менен бирге, 2026-жыл апрельде инфляция жыллық есапта 7 процентке шекем төменледи. Халықтың реал улыўма дәраматлары биринши шеректе 7,8 процентке өсти. Бул көрсеткишлер экономикалық өсиўдиң халықтың турмыс дәрежесине тәсирин баҳалаўда үлкен әҳмийетке ийе. Бирақ жоқары өсиў тезлиги автоматик түрде жоқары сапалы өсиў дегени емес. Экономиканың турақлылығы ушын өсиў пәтлери менен бир қатарда инфляцияны қадағалаў, бюджет ҳәм сыртқы балансты беккемлеў, халықтың реал дәраматларын арттырыў, инвестициялардың нәтийжелилигин тәмийинлеў сыяқлы ўазыйпалар да бир ўақыттың өзинде шешилиўи зәрүр.

Халықаралық валюта қоры да Өзбекстан экономикасы ушын талап басымларын қадағалаў, макроқаржы турақлылығын сақлаў ҳәм жеке меншик сектор жетекшилигиндеги турақлы өсиўди күшейтиў әҳмийетли екенин атап өтпекте. Усы көзқарастан қарағанда, бүгинги экономикалық өсиўди ертеңги раўажланыўға айландырыў ушын оның дәреклерине ҳәм қурамына айрықша итибар қаратыў зәрүр.

"Өзбекстан – 2030" стратегиясында мәмлекетти узақ мүддетли раўажландырыўдың анық мақсетлери белгиленген. Соның ишинде, 2030-жылға барып жалпы ишки өнимди 240 миллиард доллардан арттырыў, халықтың жан басына ЖИӨн 5,8 мың доллардан жоқары дәрежеге жеткериў, жыллық инфляцияны 5 процент дәрежесинде тәмийинлеў, мәмлекетлик қарыздың ЖИӨге қатнасын 50 проценттен арттырмаў сыяқлы ўазыйпалар белгиленген. Булар әҳмийетли көрсеткишлер. Бирақ 240 миллиард доллар бул жуўмақлаўшы нәтийжениң санлардағы көриниси ғана. Оның артында экономиканың пүткил структурасын өзгертиў ўазыйпасы турыпты.

2030-жылға барып экономикада мәмлекетлик емес сектордың үлесин 85 процентке жеткериў, мәмлекет қатнасыўындағы кәрханаларды қысқартыў, банк системасында меншиклестириў ҳәм бәсекини күшейтиў, сырт ел инвестицияларын тартыўды даўам еттириў сыяқлы ўазыйпалар белгиленген. Демек, 2030-жылдың экономикалық мәнзилин тек ғана ЖИӨ көлеми менен өлшеп болмайды. Оны өнимдарлық, бәсеки ҳәм инсан капиталы сыяқлы үш әҳмийетли норма менен де баҳалаў керек.

Биринши тийкарғы ўазыйпа — өнимдарлық экономикасы. Келеси жылларда экономикалық сиясат орайында "көбирек ислеп шығарыў" менен бирге "жеңил ислеп шығарыў" принципи де турыўы тәбийий. Буның ушын технологиялық модернизацияны жеделлестириў, санаатта жоқары қосымша қун шынжырларын қәлиплестириў, илимий изертлеў ҳәм инновацияларға бағдарланып атырған қаржылардың нәтийжелилигин арттырыў, санлы технологияларды өндирис процесслерине кеңнен енгизиў талап етиледи. Әсиресе, мийнет өнимдарлығын кәрхана ҳәм тармақлар кесиминде турақлы баҳалаў әҳмийетли. Себеби заманагөй экономикада "қанша қаржы жумсалды?" деген сораў менен бирге, " жумсалған қаржы қанша қосымша қун жаратты?" деген сораў да қойылыўы керек. Бул қатнас инвестиция сиясатының мазмунын да өзгертеди. Енди ҳәр қандай ири жойбардың әҳмийети тек ғана оның баҳасы менен емес, ал қанша жаңа технология, қанша жоқары маман жумыс орны, қанша экспортқа жарамлы өним ҳәм қанша қосымша қун жаратып атырғаны менен өлшениўи зәрүр.

Екинши тийкарғы ўазыйпа — жеке меншик сектор ҳәм бәсеки. Экономикада бәсеки бар жерде жаңаланыў тезлеседи. Бәсеки исбилерменди қәрежетлерди азайтыўға, өнимниң сапасын арттырыўға, жаңа технологияларды енгизиўге ҳәм тутыныўшының талабына бейимлесиўге ийтермелейди. Соның ушын мәмлекет қатнасыўын қысқартыўдың өзи ақырғы мақсет емес. Тийкарғы ўазыйпа — мәмлекетлик ҳәм жеке меншик сектор арасындағы қатнасықларды экономикалық нәтийжелилик көзқарасынан қайта қурыў. 2030-жылға шекем экономикада мәмлекетлик емес сектордың үлесин 85 процентке жеткериў мақсети мине усы процесстиң көлемин көрсетеди. Бул жерде жеке меншик секторды тек ғана экономиканың бир бөлеги емес, ал жаңа жумыс орынлары, инновациялар, экспорт ҳәм бәсекиниң тийкарғы дәреклеринен бири сыпатында көриў әҳмийетли. Күшли жеке меншик сектор тек ғана көплеген жеке меншик кәрханалар дегени емес. Бул базар талабын сезетуғын, технологияға инвестиция киргизетуғын, өним сапасын турақлы арттыратуғын ҳәм сыртқы базарларда бәсекилесе алатуғын миллий компаниялар системасы болып есапланады.

Үшинши тийкарғы ўазыйпа — инсан капиталы. Экономикалық раўажланыўдың ең үлкен ресурси жер астында ямаса жер үстинде емес. Ол инсанның билими, көнликпеси, тәжирийбеси ҳәм жаңалық жаратыў қәбилетинде жәмленген. Технологиялар жаңаланған сайын мийнет базары да өзгереди. Кеше жетерли болған кәсиплик билим бүгин талапты қанаатландырмаўы мүмкин. Соның ушын 2030-жылға шекем экономикалық стратегияны билимлендириў ҳәм кадрлар сиясаты менен үзликсиз байланыстырыў әҳмийетли. Инженер, технолог, программист, экономист, агроном, геолог, металлург ямаса басқа да қәнигениң бәсекиге шыдамлылығы енди тек ғана диплом менен белгиленбейди. Оның заманагөй технологияны түсиниўи, санлы қураллардан пайдалана алыўы, сырт ел тәжирийбесин өзлестириўи, командада ислесиўи ҳәм жаңа шешим усыныс ете алыўы барған сайын үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Усы мәнисте, инсан капиталына инвестиция экономикаға инвестицияның ең узақ мүддетли формасы болып есапланады.

2030-жылға шекем белгиленген экономикалық мақсетлер өндиристиң өзи менен шекленбейди. Стратегияда экономика ҳәм халық ушын жеткерип берилетуғын электр энергиясының муғдарын 120 миллиард киловатт-сааттан арттырыў, электр бөлистириў тармақларындағы жоғалтыўларды 9 процентке шекем азайтыў сыяқлы ўазыйпалар белгиленген. Бул санлар санааттың раўажланыўы ушын энергетикалық инфраструктураның қаншелли әҳмийетли екенин көрсетеди. Себеби бәсекиге шыдамлы санаат ушын тек заводтың өзи жетерли емес. Турақлы электр энергиясы, заманагөй логистика, санлы инфраструктура, сапалы кадрлар ҳәм нәтийжели финанслық система бир-бирин толықтырыўы керек. Экспорт мәселеси де сондай. 2030-жылға барып сырт ел базарларына 15 миллий брендти алып шығыў мақсети мәмлекет экономикасының әпиўайы шийки зат жеткерип бериўшиден таяр өним ҳәм брендлер жаратыўшыға айланыў зәрүрлигин көрсетеди.

Бүгин экономикалық басқарыўда және бир әҳмийетли қатнас қәлиплеспекте: ҳүжжет ислеп шығыўдың өзи емес, анық нәтийжеге ерисиў. Ҳәр бир реформаның нәтийжеси анық көрсеткишлер, мүддетлер ҳәм жуўапкершилик пенен өлшениўи керек. Себеби экономикада ең қымбат ресурс — ўақыт. Қабыл етилген қарардың нәтийжеси жыллар даўамында күтилип, кейин оның нәтийжесизлиги анықланса, бул тек ғана қаржы емес, ал имканиятлар көзқарасынан да үлкен жоғалтыў болып есапланады. Сол себепли экономикалық реформаларды баҳалаўда нәтийжеге бағдарланған қатнас барған сайын үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Мәселен, жаңа кәрхана қурылғаны емес, оның қанша өним ислеп шығарып атырғаны, инвестиция тартылғаны емес, ол қанша жаңа қосымша қун жаратып атырғаны, жаңа жумыс орны ашылғаны емес, бул жумыс орнының өнимдарлығы ҳәм дәрамат дәрежеси қандай екенлиги әҳмийетли. Бул экономикалық пикирлеўдеги жүдә үлкен өзгерис.

Хош, 2030-жылға шекем болған экономикалық раўажланыўды қандай формула менен көрсетиў мүмкин? Мениңше, бул формуланы "көбирек ресурс – көбирек өсиў" принципи менен шеклеп болмайды. Жаңа басқышта формула басқаша болыўы керек: көбирек билим – жоқары өнимдарлық – күшли бәсеки – жоқары қосымша қун – абадан турмыс. Бул шынжырдың ҳәр бир буўыны кейинги нәтийжени белгилейди. Билим болмаса, технологияны өзлестириў қыйын.

Бүгинги санлар ертеңги мақсетлерге жол көрсетеди. Бирақ 2030-жылдағы экономикалық мәнзилди санлардың өзи емес, ал олардың артында турған жаңа жумыс орынлары, жаңа технологиялар, жаңа кәрханалар, жаңа экспорт базарлары, жоқары маман кадрлар ҳәм адамлар турмысындағы реал өзгерислер белгилейди. Жаңа Өзбекстан экономикасының келеси басқышы да әне сонда өсимнен өнимдарлыққа, ресурстан билимге, шийки заттан қосымша қунға, ишки базардан глобал бәсекиге өтиўде көринеди. Бул жолда ең әҳмийетли капитал болса инсанның билими, мийнети ҳәм дөретиўшилик потенциалы болып есапланады. Мине усы көзқарастан қарағанда, раўажланыўдың жаңа экономикалық формуласы бир санға емес, пүткил жаңа экономикалық пикирлеўге сүйенеди.

Зумрад ҒОЙИБНАЗАРОВА,

экономика илимлериниң докторы,

профессор