Президентимиз баланың мүрәжаты менен танысып, оның шын жүректен билдирген
тилеклеринен толқынланғанын атап өтти ҳәм Муҳаммед Әлийге миннетдаршылық хатын
жоллады.
Президентимиздиң бул хаты ҳәм саўғалары Қарақалпақстан Республикасы
Жоқарғы Кеңесинде салтанатлы түрде тапсырылды.
Илажда Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев Президентимиздиң қызғын
хатын оқып еситтирди.
Буннан тысқары, Президентимиздиң саўғалары Муҳаммед Әлийге, оның
ата-анасына, сондай-ақ, бала баратуғын мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине
тапсырылды.
Баланың тәрбияшысы Гүлбәҳәр Сапарова да Жоқарғы Кеңес Президиумының
қарарына тийкарланып "Ўатан пидайысы" көкирек белгиси менен
сыйлықланды.