Өзбекстан басшысы Кореяның мәмлекетимиздеги ең ири инвесторларынан бири
болған компания менен көп жыллық нәтийжели бирге ислесиўди атап өтти. Үстирт
газ-химия комплекси табыслы жумыс алып барып атырғаны атап өтилди.
Өзбекстанда Кореяның алдынғы технологиялары тийкарында девелоперлик
жойбарларын әмелге асырыў мәселелери, сондай-ақ, мыс фольга ислеп шығарыў
тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыў перспективалары додаланды.
Өзбекстан жетекшиси компанияның республикамыз туристлик орайларын
басқарыў ҳәм мийманхана бизнеси тараўындағы хызметлердиң сапасын арттырыў
бағдарындағы режелерин қоллап-қуўатлады.
Ушырасыў жуўмағында еки тәреплеме жойбарлардың әмелге асырылыўын
мониторинг етиў бойынша жумысшы топар дүзиўге келисип алынды.