ЕҚБШ ҳәм оның Парламент ассамблеясы менен бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, соның ишинде, парламентлераралық сөйлесиўди беккемлеў перспективалары көрип шығылды.

Бул абырайлы структура менен бирге ислесиўдиң унамлы пәти қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. ЕҚБШ ПАда Өзбекстанның турақлы делегациясы жумыс алып бармақта, оның ўәкиллери мәмлекетимиздеги сайлаўларды бақлаўда турақлы қатнаспақта.

Экология, миграция ҳәм транспорт тараўларында конструктивлик сөйлесиў жолға қойылған. Өзбекстан ўәкили ассамблеяның Миграция бойынша арнаўлы комитети қурамына киреди.

Халықаралық мәселелер, соның ишинде, Орайлық Азияда регионаллық шерикликти тереңлестириў бойынша да пикир алысылды.

Әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў мақсетинде бирге ислесиўдиң жаңа тийкарғы бағдарларын белгилеп беретуғын биргеликтеги "жол картасы"н қабыл етиўге келисип алынды.