Өзбекстан - Грузия көп қырлы қатнасықларын беккемлеўге қосқан үлкен үлеси
ушын жоқары сыйлықты мәмлекетимиз басшысына Грузия Президенти Михаил
Кавелашвили тапсырды.
Өзбекстан жетекшиси жоқары сыйлық ушын Грузия Президенти Михаил
Кавелашвили, Бас министри Ираклий Кобахидзе ҳәм Парламент Баслығы Шалва
Папуашвилиге миннетдаршылық билдирип, дос Грузия халқына тынышлық-татыўлық,
абаданлық ҳәм раўажланыў тиледи.
"Алтын тери" ордени 1998-жылы шөлкемлестирилген болып,
мәмлекеттиң жоқары мәмлекетлик сыйлықларынан бири болып, сырт мәмлекетлер ҳәм
халықаралық шөлкемлер менен байланысларды беккемлеў, грузин мәденияты, илими
ҳәм көркем өнерин ғалаба ен жайдырыўдағы айрықша хызметлери ушын бериледи.
Орденниң аты
ҳәзирги Грузия аймағындағы тарийхый үлке - Алтын тери ҳәм Колхида ҳаққындағы
антик әпсана менен байланыслы.
Бул жоқары
сыйлыққа түрли жылларда Уллы Британия Патшасы Елизавета II, Иордания Патшасы
Абдулла II, Германия Канцлери Герхард Шрёдер, Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдоған,
Әзербайжан Президенти Гейдар Алиев ҳәм басқалар миясар болған.
Сондай-ақ,
мәмлекетимиз басшысы Орбелиани сарайының Ҳүрметли мийманлар китабына естелик
жазыўын қалдырды.