Жаўын-шашынның азайыўы айырым аймақларда өнимдарлықтың төменлеўине, гейде
егинлердиң набыт болыўына алып келмекте. Суў сақлағышлар дәрежесиниң төменлеп
баратырғаны жаз айларында егинлерди суўғарыў имканиятын шеклеп қоймақта. Бул жағдай
суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыўдың әҳмийетлилигин арттырмақта.
Быйылғы жылдың бәҳәри дийқанларда үмит
оятты. Кеш гүзде туқым еккен ямаса бәҳәрги егис жумысларын баслаған
мийнеткешлер жаўынлы мәўсимнен үлкен нәтийже күтпекте. Себеби топырақ ығаллығы
жетерли болса, егинлер турақлы өседи, нәллер жақсы раўажланады ҳәм өнимдарлық
артыўы тәбийғый. Усы мәнисте бәҳәрдиң жаўын-шашынлы басланыўы аўыл хожалығы
ушын әҳмийетли. Бирақ тәбият өзгермели: айырым жылларда бәҳәрдиң басында
бақланған жаўын-шашын мәўсимниң ақырына келип кескин азайып кетиўи де мүмкин.
Бундай жағдай болса егинлердиң раўажланыўына айрықша тәсир көрсетеди.
Әййемнен халқымыз арасында жаўын шақырыў
менен байланыслы түрли дәстүр ҳәм мәресимлер болған. Заманагөй илим болса
тәбияттағы жаўын-шашын процесине белгили дәрежеде тәсир көрсетиў имканиятын
беретуғын технологияларды ислеп шықты. Мине усындай усыллардан бири жасалма
жаўын жаўдырыў технологиясы болып табылады. Қәнигелер бул процессти
"бултларды туқымландырыў", деп атайды.
Бирақ қәнигелер бир әҳмийетли тәрепти
жасалма жаўынды ашық аспан шараятында пүткиллей пайда етип болмайтуғынлығын айрықша
атап өтеди. Технология тек ғана атмосферада бултлар ҳәм жетерли ығаллық бар
болған жағдайда ғана нәтийже береди. Яғный тәбийғый процесске белгили дәрежеде
түртки бериледи, болғаны.
Бултларды туқымландырыў процесинде әдетте
гүмис йодиди, қурғақ муз ямаса майда дуз кристалларынан пайдаланылады. Бунда
самолёт, ракета қурылмасы ямаса жерде жайластырылған арнаўлы генераторлардан
пайдаланылады. Бул затлар атмосферадағы майда суў бөлекшелерине тәсир көрсетип,
олардың ири тамшыларға айланыўына хызмет етеди. Нәтийжеде ирилескен тамшылар
жаўын ямаса қар көринисинде жерге түседи.
Бүгин бул технология дүньяда кеңнен
қолланылмақта. Ҳәр қыйлы мағлыўматларға бола, жасалма жаўын жаўдырыў усылынан
50 ден аслам мәмлекет пайдаланады. Соның ишинде, Қытай бул бағдарда ири
бағдарламаларды әмелге асырып атырған мәмлекетлерден. Сондай-ақ, АҚШ, Россия,
Бирлескен Араб Әмирликлери, Ҳиндстан ҳәм Австралияда да бул усыл аўыл хожалығы
мүтәжликлери, суў резервин арттырыў ямаса айырым аймақларда ығаллықты көбейтиў
мақсетинде қолланылады.
Қәнигелердиң атап өтиўинше, жасалма жаўын
тәбияттағы процесслерди толық басқарыў қуралы емес. Бирақ суў жетиспеўшилиги
күшейип баратырған бүгинги шараятта ол аўыл хожалығын қоллап-қуўатлаў, суў
резервлерин толықтырыў ҳәм айырым аймақларда ығаллылық балансын жақсылаўда
белгили нәтийже бериўи мүмкин.
Сонлықтан, көплеген мәмлекетлер бул
технологияны және де терең үйрениў ҳәм жетилистириўге үлкен итибар қаратпақта.
Илимий излениўлер даўам етер екен, келешекте жасалма жаўын усылы суў
ресурсларын басқарыўда әҳмийетли қураллардан бирине айланыўы итималдан шетте
қалмайды.
Имканиятлар ҳәм шеклеўлер
Жасалма жаўын технологиясы бир қатар
мәмлекетлерде қолланылып атырған болса да, оның әмелий енгизилиўи белгили
техникалық имканиятлар ҳәм үлкен қаржыны талап етеди. Қәнигелердиң атап
өтиўинше, бултларды туқымландырыў процеси әпиўайы ҳәм арзан усыллар қатарына
кирмейди. Самолётлар, арнаўлы ракета қурылмалары, жерде жайластырылган
генераторлар ҳәм де химиялық затлардан пайдаланыў үлкен қәрежет талап етеди.
Ири бағдарламаларды әмелге асырыў ушын болса жыл даўамында миллионлаған доллар
жумсалыўы керек.
Ҳәзирги ўақытта бул технологияның нәтийжеси
ҳәр қашан да кепилленбейди. Жасалма жаўынды тек атмосферада бултлар ҳәм жетерли
ығаллық бар болған жағдайда гана пайда етиў мүмкин. Егер ҳаўа қатламында
ығаллық аз ямаса бултлар қәлиплеспеген болса, бундай ҳәрекетлер күтилген
нәтийжени бермеўи итималдан шетте емес.
Және бир әҳмийетли фактор процесстиң илимий
ҳәм техникалық жақтан қурамалылығы болып табылады. Жасалма жаўын жаўдырыў ушын
ҳаўа-райы шараятын анық таллаў, метеорологиялық бақлаўлар өткериў, сондай-ақ,
арнаўлы таярлыққа ийе қәнигелер ҳәм заманагөй техникалық үскенелер талап
етиледи. Тәбийғый, барлық мәмлекетте де бундай имканиятлар бирдей емес.
Сол себепли жасалма жаўын технологиясы
ҳәзирше дүнья көлеминде кеңнен ен жайған жоқ. Көплеген мәмлекетлер бул усылды
тийкарынан илимий изертлеў ямаса тәжирийбе сыпатында қолланып келмекте. Бирақ
суў тамтарыслығы күшли сезилип атырған аймақларда бул технологияға қызығыўшылық
барған сайын артып бармақта.
Илимпазлардың пикиринше, келешекте
технологиялар жетилисип, қәрежетлер қысқарса, жасалма жаўын усылынан пайдаланыў
көлеми және де кеңейиўи мүмкин. Себеби суў ресурсларын сақлаў ҳәм аўыл
хожалығын турақлы раўажландырыў мәселеси бүгин дүнья көлеминде ең әҳмийетли
ўазыйпалардан бири болып қалмақта.
Суў жетиспеўшилиги шараятында илимий шешим
Бүгин климат өзгериўи ҳәм суў ресурсларының
азайып баратырғаны көплеген мәмлекетлер алдына әҳмийетли ўазыйпаларды қоймақта.
Орайлық Азия регионы, атап айтқанда, Өзбекстан да бул процесстен шетте
қалмайды. Халықтың санының артыўы, аўыл хожалығы майданларының кеңейиўи ҳәм
санаат тармақларының раўажланыўы суўға болған талапты барған сайын арттырмақта.
Сонлықтан, тәбийғый суў дәреклерине сүйенип қалмастан, тәбият имканиятларынан
илимий тийкарда нәтийжели пайдаланыў мәселеси үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Өзбекстанда да бул бағдарда илимий
излениўлер алып барылып, жаўын-шашын муғдарын арттырыў имканиятлары
үйренилмекте. Атап айтқанда, тәжирийбелерди Пискент бассейнинде әмелге асырыў
режелестирилген болып, Чатқал бассейни үлги сыпатында талланбақта.
Қәнигелердиң атап өтиўинше, жаўын жаўдырыў
процесиндеги ең қыйын басқыш бултларды терең үйрениў болып есапланады. Буның ушын
заманагөй суперкомпьютерлерден пайдаланылады. Олар арқалы ығал ҳаўа массасының
ҳәрекети, атмосфера шараяты ҳәм жаўын-шашын болыў итималы талланады. Егер ығал
ҳаўа массасы мәмлекет аймағынан жаўын-шашын бермей өтип кетиўи мүмкин екенлиги
анықланса, арнаўлы усыллар жәрдеминде жаўын муғдарын арттырыў имканияты жүзеге
келеди. Ҳаўа температурасы жоқары болғанда жаўын жаўын көринисинде, суўық
шараятта болса қар көринисинде түседи.
Гидрометеорология илимий-изертлеў
институтының лаборатория баслығы Еркин Абдулаҳадовтың атап өтиўинше, бул
бағдарда бурын да белгили тәжирийбелер өткерилген.
- Пискомның өзинде 1963-1968-жыллары 60
тәжирийбе өткерилген. Сол ўақытта бул жумыслар самолётлар жәрдеминде
орынланған. Бүгин болса генератор арқалы тутандырыў усылы менен жаўын-шашын
муғдарын ҳақыйқатында да 20-30 процентке арттырыў мүмкин бе, деген сораўға
жуўап табыў мақсетинде жойбар ислеп шығылған,-дейди қәниге. - Гүз айларында
биринши тәжирийбени өткериў режелестирилмекте. Мәселен, жаўын-шашынды тек ғана
бир миллиметрге көбейтиў арқалы бийдай өнимин 5 килограммға шекем арттырыў
мүмкин. Бул, әсиресе, суўғарылмайтуғын жер, аўыл хожалығы ушын үлкен әҳмийетке
ийе.
Қәнигелердиң атап өтиўинше, жойбар илимий
мониторинг тийкарында әмелге асырылады. Атмосфера температурасы, ығаллық
дәрежеси ҳәм булытлардың физикалық қәсийетлери турақлы бақлаў астында болады.
Тәжирийбе нәтийжелери болса келешекте бул усылды мәмлекеттиң басқа аймақларында
да қолланыў имканиятын белгилеп береди.
- Жасалма жаўынның экологияға унамсыз
тәсири дерлик бақланбайды. Соның ушын да пилот тәжирийбе өткерилмекте.
Тәжирийбеден кейин ҳәр бир экологиялық фактор өз алдына талланады. Мәселен, суў
қурамындағы өзгерислер үйрениледи. Писком тәжирийбесиниң және бир абзаллығы
сонда, бул аймақта суў сақлағыш ҳәм гидроэлектр станциясы қурылмақта, - дейди
Еркин Абдулаҳадов. - Жасалма жаўын арқалы суў муғдарын арттырыў имканияты пайда
болса, бул арқалы электр энергиясын ислеп шығарыў көлемин де көбейтиў мүмкин.
Бир неше тәжирийбеден кейин барлық нәтийже илимий тийкарда талланып, бул усылды
басқа аймақларда да қолланыў мәселеси көрип шығылады.
Улыўма алғанда, жасалма жаўын жаўдырыў
технологиясы тәбияттағы процесслерди өзгертиў емес, ал оларды илимий тийкарда
басқарыўға қаратылған заманагөй көзқарас болып табылады. Суў ресурслары барған
сайын қәдирли байлыққа айланып атырған бүгинги шараятта бундай инновациялық
шешимлер стратегиялық әҳмийетке ийе. Егер тәжирийбелер күтилген нәтийжени
берсе, бул технология аўыл хожалығында өнимдарлықты арттырыў, суў
жетиспеўшилигин жумсартыў ҳәм гидроэнергетика имканиятларын кеңейтиўге хызмет
етиўи мүмкин.
Ең әҳмийетлиси, бундай илимий излениўлер
мәмлекетте тәбият ҳәм технология арасындағы теңсалмақлылықты сақлаған ҳалда
турақлы раўажланыўға умтылыў күшейип баратырғанын көрсетеди. Егер изертлеўлер
табыслы жуўмақланса, Өзбекстан жасалма жаўын технологиясын әмелиятқа енгизген
мәмлекетлер қатарына қосылып, Орайлық Азияда бул тараўда илимий ҳәм әмелий
тәжирийбе үлгисине айланыўы мүмкин.
Сардор ТОЛЛИБАЕВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы