Ушырасыў алдынан жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз басшысына ҚХР Баслығы Си Цзиньпинниң сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.
Еки мәмлекеттиң жаңа дәўирдеги ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклигин буннан былай да беккемлеў мәселелери көрип шығылды.
Усы жылдың август айында Бишкек қаласында Өзбекстан ҳәм Қытай жетекшилериниң ушырасыўында ерисилген келисимлерди әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.
Парламентлер, ҳүкиметлер, сыртқы сиясий ҳәм тармақ ведомстволары, аймақлар ҳәм бизнес дәрежесинде жедел сөйлесиўлер алып барылып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Өзбекстанның "бирден-бир Қытай" сиясаты ҳәм "үш жаўыз күш"ке қарсы гүресиў бағдарындағы позициясы өзгермейтуғыны атап өтилди.
Товар алмасыўдың турақлы өсиў пәти бақланбақта. Қатаң жойбарлар портфели дерлик 60 миллиард долларға жетти, 6 мыңнан аслам қоспа кәрхана шөлкемлестирилди. Қытайлы туристлердиң саны артпақта. Кәмбағаллықты қысқартыў бойынша жедел тәжирийбе алмасыў даўам етпекте.
"Жасыл" энергетика, химия, геология, автомобиль қурылысы, металлургия, аўыл хожалығы, инфраструктураны модернизациялаў, тыныш атом, санлы технологиялар, жасалма интеллект, станок қурылысы ҳәм робототехника тараўларында кооперацияны кеңейтиў әҳмийетли екени атап өтилди.
"Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан" стратегиялық темир жолының қурылысы жедел даўам етпекте. Оның иске қосылыўы регионда саўда ҳәм транспорт байланыслылығын раўажландырыўға және де күшли пәт бағышлайтуғыны атап өтилди.
Сөйлесиўлер күн тәртибинен туризм, мәденият ҳәм билимлендириў тараўларындағы алмасыўларды кеңейтиў мәселелери әҳмийетли орын ийеледи. Оларды хошаметлеў мақсетинде еки мәмлекет қалалары арасындағы қатнаўлардың санын арттырыў режелери додаланды.
Жақын арада Қытайда Өзбекстан мәденияты күнлери өткериледи ҳәм өз-ара мәденият орайлары ашылады.
Тәреплер көп тәреплеме майданлар, соның ишинде, ШБШ, "Орайлық Азия - Қытай" форматы ҳәм басқа да структуралар шеңбериндеги бирге ислесиўдиң әҳмийетли тәреплерин де көрип шықты.