Пайтахт аэропортында мәмлекетимиз басшысын Қазақстан Республикасының Бас министри Олжас Бектенов ҳәм басқа да рәсмий шахслар күтип алды.

Сапар бағдарламасына муўапық, Өзбекстан жетекшиси 22-апрель күни Регионаллық экология саммитинде ҳәм Аралды қутқарыў халықаралық қорының шөлкемлестириўши мәмлекетлер басшылары кеңесиниң мәжилисинде қатнасады.