"Аваза" миллий туристлик зонасында Өзбекстан жетекшиси Орайлық Азия ҳәм Әзербайжан мәмлекетлери басшыларының сегизинши Мәсләҳәт ушырасыўында ҳәм Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамының гезектеги саммитинде қатнасады.

Мәсләҳәт ушырасыўының күн тәртибинен сиясий-дипломатиялық бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў, саўда-экономикалық байланысларды тереңлестириў, энергетика тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўине бейимлесиў бойынша қоспа илажлар көриў, мәдений-ағартыўшылық ҳәм илимий байланысларды, жаслар алмасыўын раўажландырыў мәселелери орын алған.

Регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе актуал мәселелер, тынышлық, турақлылық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша пикир алысыў нәзерде тутылған.

ҒМДА Мәмлекет басшылары кеңесиниң мәжилисинде Дослық Аўқамы шеңбериндеги көп тәреплеме бирге ислесиўдиң жуўмақлары шығарылып, оны буннан былай да раўажландырыў перспективалары көрип шығылады. Бирлеспе дүзилгениниң 35 жыллығына айрықша итибар қаратылады.

Илажлар жуўмағында биргеликтеги ҳүжжетлер топламын қабыл етиў нәзерде тутылмақта.

Сондай-ақ, сапар бағдарламасында бир қатар еки тәреплеме ушырасыўлар өткериў нәзерде тутылған.