Бүгин климат өзгериўи инсаният алдында турған ең әҳмийетли, глобал машқалалардан бири. Оның ақыбети тек ғана экологиялық турақлылыққа емес, ал мәмлекетлердиң экономикасы, азық-аўқат ҳәм энергетика қәўипсизлиги, халықтың абаданлығы ҳәм халықаралық қатнасықларға да сезилерли тәсир көрсетпекте.
Әсиресе, геосиясий кескинликлер күшейип баратырған ҳәзирги шараятта тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери барған сайын үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Бул процессте Орайлық Азия регионы айрықша итибарды талап етеди. Бул бийкарға емес, әлбетте. Себеби климат өзгериўиниң унамсыз ақыбетлери бул аймақта да айқын сезилмекте. Температураның көтерилиўи, суў жетиспеўшилиги ҳәм шөллениўдиң күшейиўи регионның раўажланыўына унамсыз тәсир көрсетпекте. Сонлықтан, биологиялық көп түрлиликти сақлаў, суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм экологиялық машқалаларды биргеликте шешиўде мәмлекетлер арасындағы бирге ислесиўди күшейтиў әҳмийетли.
Кейинги жылларда Өзбекстан климат өзгериўине қарсы гүресиў бойынша глобал ҳәрекетлерди избе-из қоллап-қуўатлап келмекте. Атап айтқанда, мәмлекетимиз глобаллық экологиялық машқалаларды шешиў, климат өзгериўиниң унамсыз ақыбетлерин жумсартыў ҳәм регионаллық бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған әҳмийетли басламаларды алға қоймақта.
2035-жылға шекем зыянлы шығындылар көлемин 50 процентке қысқартыў мәмлекетимиз алдына қойған әҳмийетли экологиялық мақсетлерден бири. Себеби, раўажланыў ҳәм тәбият арасындағы теңсалмақлылықты сақлаў, қоршаған орталыққа унамсыз тәсирди азайтыў "жасыл" энергия дәреклеринен пайдаланыўды кеңейтиўди талап етеди.
Усы көзқарастан, мәмлекетимизде қайта тиклениўши энергия дәреклериниң үлесин избе-из арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Атап айтқанда, жақын төрт жылда бул көрсеткишти 54 процентке жеткериў режелестирилген. Бул болса экологиялық турақлылықты тәмийинлеў, ҳаўа патасланыўын азайтыў, тәбийғый ресурсларды үнемлеў ҳәм энергетика тараўында турақлылықты беккемлеўге хызмет етеди.
Сондай-ақ, үш миллиард доллардан аслам инвестиция қаратылатуғын "Шығындылар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыў стратегиясы" енгизилиўи де әҳмийетли қәдем болып есапланады. Бул стратегия шығындыларды жыйнаў, сайлап алыў ҳәм қайта ислеў системасын жетилистириў, қоршаған орталықтың патасланыўының алдын алыў, қайта ислеў санаатын раўажландырыў ҳәм жаңа жумыс орынларын ашыў ушын кең имканиятлар ашады.
Мәмлекетимиз басшысының БМШтың Климат өзгериўи бойынша Рамкалы конвенциясы тәреплери конференциясының 31-сессиясы (COP31) нда алға қойған басламалары Өзбекстанның экологиялық мәселелерге жоқары итибар қаратып атырғаны, климаттың өзгериўине қарсы гүресиў ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бағдарында халықаралық бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўге умтылып атырғанын айқын көрсетеди.
Саммитте 90 нан аслам мәмлекеттен мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшылары, абырайлы халықаралық шөлкемлер ҳәм финанслық институтлардың ўәкиллериниң қатнасқаны климат өзгериўи ҳәм экологиялық машқалалар глобал көлемде барған сайын үлкен әҳмийетке ийе болып атырғанын көрсетеди. Бул, өз гезегинде, қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўде халықаралық аўызбиршилик, өз-ара бирге ислесиў ҳәм улыўма жуўапкершилик қаншелли әҳмийетли екенин және бир мәрте тастыйықлайды.
Бүгин Орайлық Азияда музлықлардың ериўи, суў жетиспеўшилиги ҳәм қурғақшылық сыяқлы экологиялық машқалалар барған сайын күшейип бармақта. Бундай улыўма қәўип-қәтерлер регион мәмлекетлеринен тилеклеслик ҳәм аўызбиршиликте ҳәрекет етиўди талап етеди. Усы көзқарастан, Орайлық Азияның Климат интеграциясы моделин раўажландырыў басламасы айрықша әҳмийетке ийе. Бул қатнас мәмлекетлер арасында экологиялық бирге ислесиўди кеңейтиў, машқалаларға биргеликте шешим табыў ҳәм регион ушын турақлы экологиялық орталықты тәмийинлеўге хызмет етеди.
Жәҳән метеорология шөлкеминиң жәрдеминде климат қәўип-қәтерлери ҳаққында мағлыўматлар алмасыў инфраструктурасын жаратыў басламасы да әҳмийетли. Бул арқалы климат өзгериўи менен байланыслы қәўиплерди алдыннан анықлаў, тәбийғый апатшылықлардың унамсыз ақыбетлерин азайтыў және регион мәмлекетлери арасында өз-ара мәлимлеме алмасыўы ҳәм бирге ислесиўди күшейтиў имканияты жаратылады.
Мәмлекетимиз басшысының "Eco Expo" көргизбесин регионымызға сай заманагөй экологиялық шешимлер беретуғын турақлы инвестиция ҳәм технологиялар майданына айландырыў усынысы да итибарға ылайық. Бул баслама экологиялық жойбарларды раўажландырыў, алдынғы тәжирийбелерди ғалаба ен жайдырыў, жаңа технологияларды тартыў ҳәм халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў ушын жаңа имканиятлар ашады.
Жергиликли шараятлар ҳәм мүтәжликлер есапқа алынатуғын турақлы қаржыландырыўды тәмийинлеў ушын раўажланыў банклери ҳәм мақсетли қорлар менен бирге жаңа жәрдем қураллары – жеңиллетилген грантлар, сондай-ақ, "көк" ҳәм "арид" қаржыландырыў механизмлерин ислеп шығыў басламасы да айрықша әҳмийетке ийе. Бул қатнас экологиялық жойбарларды қаржылай қоллап-қуўатлаў, суў ресурсларын қорғаў ҳәм қурғақшыл аймақларда турақлы раўажланыўды хошаметлеўге хызмет етеди.
Саммитте алға қойылған басламалардың орынланыўын тәмийинлеў биз, депутатларға да үлкен жуўапкершилик жүклейди. Бул бағдарда, бәринен бурын, экологиялық нызамшылықты жетилистириў, суў ҳәм энергия ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыўға қаратылған ҳуқықый механизмлерди ислеп шығыўымыз ҳәм белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы үстинен парламентлик қадағалаўды күшейтиўимиз зәрүр. Себеби халықаралық келисимлер миллий нызамшылықта өз көринисин таўып, олардың орынланыўы тәмийинленгенде ғана күтилген нәтийжеге ерисиў мүмкин.
Қысқасы, климат өзгериўине қарсы гүресиў бүгин тек ғана экологиялық мәселе емес, ал инсанияттың улыўма қәўипсизлиги, экономикалық раўажланыўы ҳәм келешектеги абаданлығын белгилейтуғын әҳмийетли фактор болып есапланады. Сонлықтан, халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў, алға қойылған басламаларды анық жойбарлар ҳәм әмелий нәтийжелер менен байытыў, улыўма жуўапкершиликти және де арттырыў дәўир талабына айланбақта.
Анталия саммити болса Өзбекстан ушын климат мәселелери бойынша халықаралық бирге ислесиўди халықтың абаданлығы менен байланыстырыўда үлкен имканият. Буннан нәтийжели пайдаланыў ушын алға қойылған басламаларды анық жойбарлар ҳәм әмелий нәтийжелер менен беккемлеў зәрүр. Бундай бирге ислесиў мәмлекетимиздиң узақ мүддетли раўажланыўын тәмийинлеў, тәбийғый ресурсларды сақлаў ҳәм келешек әўлад ушын мүнәсип экологиялық орталық жаратыўға хызмет етеди. Себеби, бүгин тәбиятқа көрсетилген итибар ертеңги раўажланыў, абадан турмыс ҳәм саламат келешектиң беккем тийкары болып есапланады.
Равшан ФОЗИЛОВ,
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты