Үш мың жылдан аслам тарийх ҳәм мәденият естеликлерин өзинде жәмлеген әййемги Шығыс дүрданалары болған саўлатлы Самарқандта 200 ден аслам мәмлекеттен келген белгили гроссмейстерлер, тренерлер ҳәм шахмат ықласбентлериниң қатнасыўында өткерилип атырған абырайлы спорт форумы турнирге өзгеше байрам кейпиятын бағышламақта. Оны ҳәр бириңиз сездиңиз, деп ойлайман.

Бүгин шахмат бойынша дүнья пайтахтына айланған уллы қалаға, жанажан Өзбекстанымызға хош келдиңиз!

Әзиз дослар!

Елимизде ең әййемги интеллектуаллық спорт ойынларынан бири болған шахмат өзиниң даңқлы тарийхы, мектеби ҳәм дәстүрлерине ийе.

Соны айрықша атап өтиў керек, Самарқандты өзи қурған уллы мәмлекеттиң пайтахтына, Екинши Ренессанс орайларынан бирине айландырған Саҳыпқыран Әмир Темур жеңилмес сәркарда, стратег, шахмат ойынының шебер устасы болған.

Муҳаммед Хорезмий, Абу Райхан Беруний, Мырза Улығбек, Әлийшер Наўайы, Заҳириддин Муҳаммед Бабур сыяқлы уллы ойшыл бабаларымыздың илимий ҳәм көркем шығармаларында шахматтың инсан руўхый раўажланыўындағы орны айрықша атап өтилген.

Биз Жаңа Өзбекстанда бай тарийхый дәстүрлеримизге садық қалған ҳалда, басқа спорт түрлери сыяқлы шахматты да ең төменги буўын - мәҳәлледен баслап билимлендириў мәкемелерине шекем "ғалабалықтан - профессионалға қарай" принципи тийкарында раўажландырыўға айрықша әҳмийет қаратпақтамыз. Бул бағдарда жаңа әўлад талантын тәрбиялаўдың бир пүтин системасы қәлиплеспекте.

Бүгинги күнде мәмлекетимизде 2 миллионнан аслам адам шахмат пенен шуғылланады, рейтинги бар профессионал шахматшылардың саны 6 мыңнан артады. Өзбекстанлы 32 шахматшының халықаралық гроссмейстер атағына ийе екенин мақтаныш пенен атап өтпекшимен.

Итибарлы тәрепи, 5 жетекши шахматшымыз дүньяның ең күшли жүзлик рейтингинен исенимли орын ийелемекте.

ФИДЕ рейтингинде Өзбекстан ерлер сайланды командасы 204 мәмлекет арасында 8-орынға, ҳаял-қызлар сайланды командасы болса 20-орынға көтерилди.

Миллий командамыз 2022-жылы 44-жәҳән шахмат олимпиадасында жеңиске ерискени, 2024-жылы Олимпиадада сыйлы орын ийелегени, қәбилетли гроссмейстерлеримиз абырайлы жарысларда мүнәсип қатнасқаны миллий шахматымыз тарийхында жаңа бет ашты.

Әсиресе, жас гроссмейстер Жавоҳир Синдаровтың жәҳән чемпионлығына талабанлар турниринде жеңиске ерисип, жәҳән кубогин қолға киргизгени, Нодирбек Абдусатторовтың блиц бойынша жәҳән чемпионатында гүмис медалын қолға киргизгени, жас шахматшыларымыз халықаралық жарысларда жоқары нәтийжелерге ерискени менен мақтанамыз.

Ҳүрметли мийманлар!

Биз Өзбекстанға 46-жәҳән шахмат олимпиадасын өткериў ҳуқықының берилгенин халықаралық спорт жәмийетшилигиниң елимизге болған жоқары исениминиң белгиси, деп билемиз.

Самарқанд олимпиадасы маўасасыз гүрес, жоқары спорт мәденияты, ҳадаллық ҳәм өз-ара ҳүрмет орталығында өтип, дүньяға жаңа чемпионлар ҳәм жарқын талант ийелерин жеткерип беретуғынына исенемен.

Сондай-ақ, бул жерде 3-шахмат паралимпиадасы ҳәм ФИДЕниң 97-конгрессин жоқары дәрежеде өткериў ушын барлық шараят жаратылған.

Халықаралық шахмат федерациясы (ФИДЕ) басшылығы ҳәм жәмәәтине, барлық бирге ислесиўши шөлкемлерге үлкен шөлкемлестириўшилик ҳәм әмелий жәрдеми, тығыз бирге ислесиўи ушын шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

Бундай ири спорт әнжуманлары дүнья халықлары арасында дослық ҳәм аўызбиршиликти беккемлеўге хызмет етеди, деп исенемен. Әҳмийетлиси, олар Өзбекстанда шахматты және де ғалаба ен жайдырыў, жас әўладтың интеллектуаллық потенциалын ҳәм мәмлекетимиздиң халықаралық майдандағы абырайын арттырыўға мүнәсип үлес қосады.

Әзиз дослар!

Бул кең көлемли жарыслар халқымыз, әсиресе, жасларымыз ушын үлкен байрам, шеберлик мектеби болып, Өзбекстанның дослық ҳәм бирге ислесиў ели сыпатында халықаралық имиджин беккемлеўге хызмет ететуғынына исенемен.

Быйылғы олимпиада пүткил дүнья жасларына инсанияттың улыўма келешеги күшке емес, ал ақыл ҳәм билимге, душпанлыққа емес, дослық ҳәм аўызбиршиликке, бийпәрўалыққа емес, ийгиликли умтылысларға тийкарланып қурылатуғынын айқын көрсетпекте.

Ҳүрметли салтанатлы мәресим қатнасыўшылары, спортшылар, ветеранлар, устаз ҳәм тренерлер, сизлер спорттың қандай жоқары өрнек ҳәм үлкен күшке ийе екенин жақсы билесиз.

Сиз, әзизлерге, мине усындай оғада жуўапкершиликли ҳәм мақтанышлы жумыстың барлық белсенди қатнасыўшыларына беккем денсаўлық, командаларға жеңис ҳәм табыслар, Конгресс жумысына табыслар тилеймен.

Өзбекстанға хош келдиңиз!

Шавкат Мирзиёев,

Өзбекстан Республикасы Президенти