Бул тарийхый жетискенлик әжайып болғанын биз — қарақалпақстанлылар және де терең аңлаймыз. Бир ўақытлары ата-бабаларымыз ана дәрья деп атаған Әмиўдәрьяның қуўатын кескен де негизинде усы пахта еди. Ақыбетинде экологиялық жағдайымыз қандай жағдайға келип қалғанын қайта-қайта айтыў шәрт емес, деп ойлайман.

Бүгин аўыр экологиялық аймақларда да өнимдарлық өткен жылларға салыстырғанда 10-15 центнерге артып, 400 мың тоннадан аслам қырман көтерилди. Олардың қатарында қарақалпақстанлы пахтакешлер де бар. Өнимдарлықты арттырған районлар қатарында әмиўдәрьялы пахтакешлердиң тилге алынғаны бизди оғада қуўандырды.

Көп жыллар райондағы 16- ҳәм 5-мектеплерде жасларға физика ҳәм математика пәнлеринен сабақ бердим. 1987-1995-жыллары депутат болдым. Райондағы Әмир Темур атындағы аўылда мәҳәлле сақшысы, 2003-2008-жыллары болса усы пуқаралар жыйыны баслығы ўазыйпаларында мийнет еттим. Мине, усы жумысым даўамында бәрқулла пахта менен байланыслы естеликлерим бар. Мектепте ислесем де пахтаға шығардық. Мәҳәлле сақшысы болса пүткил аўыл халқын атызға алып шығыўға жуўапкер еди. Бул да бир тарийх болып қалды. Бүгин ҳәмме өз жумысын ислеп атыр. Пахта да, билимлендириў де, мәҳәлледеги жаңаланыўлар да жедел раўажланбақта.

Президентимиз барлық тараўға илим арқалы қатнас жасаўды алып кирди. Сырт елден өзимизге сай тәжирийбелер алып келинди. Илимий тәжирийбе ҳәм берилген имканиятлар себепли өнимдарлық кескин артты. Ҳәзир зүрәәт жыйын-терими дәўиринде қарақалпақстанлы нураныйлар белсенди. Пахта теримине шыққанымыз жоқ. Бирақ дөгереклерде бәрқулла нураныйларға айтаман: "Ҳәй жақсылар, жағдайымыз бурын қандай еди? Пахта терими қандай еди? Ҳәзир қалай жасап атырмыз? Мине имканият. Фермерлерге сөзимиз, пәтиямыз бенен күш бағышлайық. Хошамет алсын, ҳәрекетин жеделлестирип, жерди тегислеп, таярлап, имканиятлардан пайдаланып, кейинги жылларда гектарынан 100 центнерден зүрәәт алайық!" Дийқаншылық ушын Қарақалпақстанның климаты жүдә қолайлы емес. Бул жерде пахта жетистириў қыйын. Кимдур усының бәнесин тауып жумысқа немқурайдылық пенен қарамасын деймиз-дә!

Қарақалпақстанда дийқан көбирек шорды жуўыўға мәжбүр болды. Буған көп суў кеткен болар еди. Ҳәзир жер лазер жәрдеминде тегисленбекте. Буның да үлкен пайдасы бар. Ол суўды үнемлейди. Ҳәмме жерде өним бирдей болыўына хызмет етеди. Және бир жаңалық: пахтаны машинада териў басланды. Бул биз ушын усы жылы тәжирийбе болды. Несип етсе, келеси жылларда машинада көп пахта териў имканияты жаратылады.

Айтқанымыздай бүгин муғаллимлер мектепте, шыпакерлер өз жумыс орнында. Соған қарамастан, фермерлер, кластерлер пахтаны өз ўақтында, сапалы терип алмақта. Болатуғын екен ғой! Перзентлеримиз, ақлықларымыздан кеўлимиз қәтержам. Себеби арзыў-нийетлеримиз орынланбақта. Биз жақсы, абат заманда жасаўды әрман еткенбиз.

Бир ўақытлары ҳәмме пахта ушын ислейтуғын еди. Бирақ бүгингидей нәтийже болмас еди. Ҳәмме жерге пахта егиледи. Азық-аўқат өними ушын жер берилмеди. Бирақ бәрибир көрсеткиш 12 ден 40 центнер аралығынан артпайтуғын еди. Мине ҳәзир мол зүрәәт алып атырмыз. Мине, усы тарийхый фактлерди бүгинги жетискенликлер менен салыстырған адам пахташылықта ерисилген жетискенлигимиздиң әжайып екенин аңлайды, тән алады. Әжайыбатты ким, қалай жаратады, деген сораўға да жуўап бериў керек. Оны усы ел, халық ушын мәртлик пенен хызмет еткен қаҳарманлар жарата алады!

Бекман АЛЛАБЕРГАНОВ,

"Нураный" қоры

Әмиўдәрья районы бөлиминиң баслығы