Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 16-февральдағы ПҚ-59-санлы қарарының орынланыўы шеңберинде Бухара қаласында транспорт инфраструктурасын модернизациялаў ҳәм жолаўшыларға хызмет көрсетиў сапасын жақсылаў илажлары көрилмекте.
Атап айтқанда, ўәлаятта жолаўшы тасыў менен шуғылланыўшы “Alixan trans servis” ЖШЖ тәрепинен Қытайдан 25 "Zhongtong" маркалы автобус алып келинди.
Алдын 2026-жылы автопаркти жаңалаўдың биринши басқышында кәрхана 36 автобус сатып алған еди. Солай етип, усы жылы сатып алынған автобуслардың улыўма саны жаңа партия менен қосып есаплағанда 61 данаға жетти.
Ҳәзирги ўақытта кәрхана Бухара қаласындағы 2, 10, 18, 21-санлы автобус жөнелислерине брутто-шәртнама тийкарында хызмет көрсетпекте. Жәми 18 қалалық жөнелислерде усы система арқалы 250 ден аслам автобус қатнаўы жолға қойылған.
Соның менен бирге, қаланы раўажландырыўдың тастыйықланған бас режесине муўапық, жөнелис тармағын жетилистириў, автобуслардың ҳәрекетин оптималластырыў ҳәм жол-транспорт инфраструктурасын раўажландырыў жумыслары даўам еттирилмекте.
Автобус паркиниң жаңаланыўы жолаўшы тасыўдың сапасын арттырыў, қатнаў шараятларын жақсылаў ҳәм жәмийетлик транспорттың және де нәтийжели ислеўин тәмийинлеўге қаратылған.