Елимизде исбилерменликти избе-из раўажландырыў, киши ҳәм орта бизнестиң миллий экономикадағы үлесин арттырыў, қаржы ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў бағдарында кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Бул бағдардағы бир қатар бағдарламалар арқалы исбилерменлер ушын кредит, компенсация, кепиллик ҳәм басқа да қаржылай қоллап-қуўатлаў механизмлери кеңейтилди. Жаратылып атырған шараятлар, берилип атырған имканиятлар себепли жаңа субъектлер кескин көбейип, бурыннан ислеп атырған исбилерменлердиң жумысын және де кеңейтти. Жәмийетте олардың абырайы артып, исбилерменлер класы пайда болды.
Президентимиздиң усы жыл 29-майдағы “Киши бизнес субъектлериниң өсиўи
ушын және де қолайлы экономикалық ҳәм ҳәкимшилик шараятлар жаратыў ҳаққында”ғы
пәрманы киши бизнес субъектлери ушын салық режимин және де қолайластырыў,
қосымша қун салығы ҳәкимшилигин әпиўайыластырыўға қаратылғаны менен әҳмийетли
болып есапланады.
Бул ҳүжжет пенен 2026-жыл 1-июньнен баслап салық салыўдың улыўма
белгиленген тәртибине өтиў ушын белгиленген шекленген муғдар базалық есаплаў
муғдарының он еки мың есеси етип белгиленгени бизнес өсиўин хошаметлеў ҳәм
улыўма салық режимине өтиў процесин жумсартыўға, әсиресе, исбилерменлерге
жумысын және де кеңейтиўге имканият береди.
Әлбетте, бул тараўда исленип атырған жумыслар итибарға ылайық. Бирақ
киши ҳәм орта бизнес субъектлериниң финанслық хызметлерден пайдаланыўында
айырым тосқынлықлар елеге шекем сақланып қалып атырғаны бул бағдарда избе-из
ҳәм тәсиршең илажларды әмелге асырыў зәрүрлигин көрсетпекте.
Президентимиз киши ҳәм орта бизнести финанслық қоллап-қуўатлаўды
кеңейтиў және финанслық хызметлердиң ғалабалығын арттырыўға қаратылған
усыныслардың презентациясы менен танысыў даўамында бул мәселеге айрықша итибар
қаратып, тараўдағы тосқынлықларды сапластырыў, исбилерменлер ушын қолайлы ҳәм
ашық-айдын финанслық орталық жаратыў бойынша анық ўазыйпаларды белгилеп берди.
Әсиресе, санлы финанслық платформаны иске қосыў бойынша билдирилген
усыныс әйне пайдалы болды. Себеби бул платформа арқалы исбилермен кредит алыў
ушын онлайн арза берип, бир ўақыттың өзинде бир неше банктиң коммерциялық
усынысларын қабыл етеди ҳәм оларды өз-ара салыстырып, өзи ушын ең мақул ҳәм
қолайлы шәртлерди таңлаў имканиятына ийе болады.
Платформа “Электрон ҳүкимет” системасының санлы мағлыўматлар базалары
менен интеграцияланыўы арқалы киши ҳәм орта бизнес субъектлерине байланыслы
зәрүр мағлыўматлар автоматикалық түрде қәлиплестирилип, банклерге усынылады.
Нәтийжеде кредит ажыратыў процесинде ҳүжжет жыйнаўға байланыслы артықша
әўерегершилик, ўақыт жумсалыўы ҳәм инсан факторының қатнасыўы сезилерли
дәрежеде азаяды.
2026-жыл 1-декабрьден баслап платформа шеңберинде жасалма интеллект
технологиялары элементлеринен пайдаланған ҳалда альтернатив скоринг моделиниң
енгизилиўи, әлбетте, киши ҳәм орта бизнес субъектлериниң кредит алыў имканиятын
кеңейтиў, кредитлеў процесин жедел, ашық-айдын ҳәм әдил шөлкемлестириўге хызмет
етеди.
Дәстүрий скоринг тийкарынан кредит тарийхына сүйенсе, альтернатив
скоринг бизнес белсендилиги, коммунал төлемлер, айланыслар, салық ҳәм басқа да
санлы мағлыўматларды да есапқа алады. Бул кредит тарийхы жоқ исбилерменлерди де
баҳалаў, оларға финанслық хызметлерден пайдаланыў имканиятын кеңейтиўге түртки
береди.
Келешекте жасалма интеллект тийкарында исбилерменниң кредит тарийхын
жақсылаў, келешектеги қәўип-қәтерлерди баҳалаў ҳәм бизнести раўажландырыў
бойынша усынысларды қәлиплестириў имканиятының жаратылыўы исбилерменлик
орталығының және де ашық-айдын, қолайлы ҳәм нәтийжели болыўына хызмет етеди.
Коммерциялық банклер тәрепинен “AI мәсләҳәтши” бағдарламасының иске
қосылыўы, бәринен бурын, исбилерменлерге финанслық хызметлерден тез, қолайлы
ҳәм нәтийжели пайдаланыў имканиятын береди. Бул бағдарлама арқалы исбилермен
кредит алыў шәртлери, бизнести қаржыландырыў имканиятлары, төлем графиги,
кредит жүги, финанслық қәўип-қәтерлер ҳәм бизнести раўажландырыў бойынша
оператив усыныслар алыўы мүмкин. Бул болса исбилерменниң банкке барып, артықша
ўақыт жумсалыўын азайтады ҳәм финанслық қарарларды саналы және тийкарланған
түрде қабыл етиўине жәрдем береди.
Және бир әҳмийетли жаңалық киши бизнести үзликсиз қоллап-қуўатлаў
бағдарламасы шеңберинде де қосымша жеңилликлер белгиленбекте. Яғный алдын
бағдарлама шеңберинде микрокредиттен пайдаланған ҳәм унамлы кредит тарийхына ийе
исбилерменлер ушын микрокредиттиң гиреўсиз бөлеги 100 миллион сумнан 200
миллион сумға шекем арттырылыўы исбилерменлерге қосымша гиреў талапларысыз
көбирек қаржы тартыў, айланыс қаржысын көбейтиў, өндирис ямаса хызмет көрсетиў
көлемин кеңейтиў ҳәм жаңа жумыс орынларын ашыў имканиятын береди.
Кредит ямаса лизинг муғдарына қарамастан, оның 5 миллиард сумға шекемги
бөлеги ушын процент қәрежетлериниң компенсацияланыўы болса исбилерменлердиң
финанслық жүгин жеңиллетиў, кредит ҳәм лизинг қаржыларынан пайдаланыў
имканиятын кеңейтиўде қолайлы болады. Бул жеңилликлер исбилерменлер ушын
өндиристи кеңейтиў, заманагөй үскенелер ҳәм технологиялар сатып алыў, айланба
қаржыны көбейтиўде оғада әҳмийетли.
Ҳәр жылы жумысын кеңейткен ҳәм жоқары нәтийже көрсеткен 100
исбилерменлик субъектине санластырыў, халықаралық стандартлар ҳәм “жасыл”
технологияларды енгизиўге байланыслы қәрежетлер ушын 300 миллион сумға шекем
грант ажыратыў усынысы да көплеген бизнес ўәкиллериниң кеўлиндеги гәп болды.
Бул усыныс жоқары нәтийже көрсетип атырған исбилерменлерди хошаметлеў, олардың
жумысын заманагөй талаплар тийкарында кеңейтиў ҳәм бәсекиге шыдамлылығын
арттырыўға хызмет етеди.
Президентимиз тәрепинен киши ҳәм орта бизнести финанслық қоллап-қуўатлаўды
кеңейтиў, санлы финанслық платформаны иске қосыў және жасалма интеллектке
тийкарланған альтернатив скоринг системасын енгизиў бойынша билдирилген
басламалар елимизде исбилерменлик орталығын және де жақсылаўға хызмет ететуғын
әҳмийетли қәдем болып есапланады. Бул механизмлер кредит тарийхы
жоқ ямаса гиреў имканияты шекленген исбилерменлер ушын да финанслық
хызметлерден пайдаланыў имканиятын кеңейтип, банклер арасында саламат бәсекини
күшейтеди, кредит ажыратыў процесинде ашық-айдынлық ҳәм оперативликти
тәмийинлейди.
Бүгин Өзбекстан бизнес жүргизиў
ушын қолайлы мәмлекетке айланып бармақта. Әлбетте, елимизде исбилерменлерге
және де кеңнен қолайлықлар жаратылады, олардың еркин ҳәм нәтийжели жумыс алып
барыўы ушын барлық имканиятлар толық жумсалады. Бул өз гезегинде, халықтың
бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменликтиң кеңнен ен жайыўы, исбилерменлер
қатарының және де кеңейиўине хызмет етеди.
Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен
белгилеп берилген тийкарғы ўазыйпалар биз, депутатларға да үлкен жуўапкершилик
жүклейди. Халық ўәкили сыпатында олардың өз ўақтында ҳәм нәтийжели орынланыўы
тәмийинлениўи үстинен тәсиршең парламентлик ҳәм депутатлық қадағалаўды
орнатыўымыз зәрүр.
Равшан ФОЗИЛОВ,
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты