Саида Мирзиёева бул ушырасыў өзи ушын үлкен мақтаныш екенин атап өтти.

Ушырасыў алдынан БАӘ Президентине Өзбекстан Республикасы Президентиниң қызғын тилеклери жеткерилди. Сөйлесиўлерде еки мәмлекет арасындағы саўда-экономикалық байланысларды буннан былай да кеңейтиў, жаңа инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў, жасалма интеллектти раўажландырыў мәселелери додаланды.

Саида Мирзиёева БАӘ президентине көрсетилип атырған итибар ҳәм ҳүрмет ушын миннетдаршылық билдирди.