Балалар ушын жаңа ойлап табыўлар, жаңа естеликлер есигин ашатуғын орынлардан бири жазғы дем алыў орайы болып есапланады. Тәбият қушағында ҳәз етип дем алыў, қызықлы шынығыўлар ҳәм шын дослық орталығы балаларды дем алыў орайларына шақыра береди. Бул орынларды мәўсимге таярлаў, оларда зәрүр шараятларды жаратыўға айрықша итибар бериледи.
Бул бағдардағы жумыслар ҳаққындағы мағлыўматларды Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң Балаларды қосымша билимлендириўге тартыў бөлиминиң баслығы Баҳром Аминов усынды. Жуўапкердиң сөзлерине бола, министрлик ҳәм аймақлық басқармаларда "Жаз-2026" штабы шөлкемлестирилди. Штаб жаз мәўсиминде дем алыў орайларының жумысын жолға қойыў, маман педагог кадрлар менен тәмийинлеўге байланыслы шөлкемлестириў процесслерин муўапықластырады. Ҳәзирги ўақытта "Жаз-2026" мәўсимин мазмунлы шөлкемлестириў жумыслары қызғын.
Быйыл дем алыў орайларына қанша бала тартылады?
Усы жылы министрликлер ҳәм уйымларға қараслы 179 стационар дем алыў орайларында 157 мың 680 баланың дем алыўы режелестирилген болып, 10-июнь жағдайына бола, 140 стационар дем алыў орайларында 25 мың 648 бала дем алдырылды. Министрлик системасындағы 3 стационар дем алыў орнына болса (Самарқандта 2, Ферғанада 1) 1 060 бала қамтып алыныўы режелестирилген.
2025-2026-оқыў жылында барлық пәнлерди айрықша баҳаларға өзлестирген, Социаллық реестрге киргизилген шаңарақлардың 41 мың перзенти Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясы системасындағы дем алыў орайларына тартылады.
Дем алыста тек дем ала ма?
Дем алыў орайына барыў балалар ушын тек ғана дем алыў емес, ал қызықлы шынығыўлар, өз қәбилетлерин раўажландырыў имканияты болып табылады. Бул бағдарда олар менен педагог кадрлар ислеўи керек болады. Президентимиздиң 2022-жыл 18-ноябрьдеги "Балалардың дем алысын системалы шөлкемлестириў ҳәм саламатландырыў жумысларын буннан былай да жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарарына тийкарланып, зәрүрликке бола, дем алыў орайларында жумыс алып баратуғын 1145 педагогтың дизими қәлиплестирилди. Олар усы жылдың 4-8-май күнлери 36 саатлық арнаўлы оқыў бағдарламалары тийкарында оқытылды.
Дем алыў орайының басшылары, педагоглар ҳәм дөгерек басшылары ушын методикалық қолланбалар ислеп шығылып, электрон түрде барлық аймақларға жеткерилди. Педагог хизметкерлер белгиленген тәртип тийкарында ислеўи ушын үлги жумыс режеси таярланды. Арнаўлы оқыўларды тамамлаған педагог хызметкерлерге дем алыўшылардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўди шөлкемлестириў ушын 2 түрдеги методикалық қолланба тарқатылды.
Дем алыў орайларына бармаған балалар ушын нелер режелестирилген?
Стационар дем алыў орайларына тартылмаған балалар ушын орынлардағы билимлендириў мәкемелеринде 1242 саламатландырыў майданшасы шөлкемлестирилип, оларда спорт, көркем өнер ҳәм IТ бағдарларында дөгереклердиң жумысы жолға қойылады. Балаларға мөлшерленген қызықлы кино ҳәм мультфилмлер көрсетиледи. Оған мийнет дем алысына шықпаған 11 мыңнан аслам педагог тартылмақта.
Саламатландырыў майданшаларында дерлик 157 мың баланың дем алыўы режелестирилген. Мектеплер зәрүр шараятлар менен тәмийинленбекте. Алыс Сурхандәрья ўәлаятының Денов районындағы 74-мектепте шөлкемлестирилген саламатландырыў майданшасы бул бағдарда үлги болыўға арзыйды.
- Быйыл ҳәр жылғыдан да көбирек оқыўшылар тартылды, - деди мектеп басшысы Руқия Ҳакимова. - Балалар спорт ойынларынан заўықланбақта. Әсиресе, шахмат, шашка, футбол, волейбол жарысларында олар жүдә белсенди. Китапқумар балалар китапханадан пайдаланып атыр. Информатика бөлмесинде болса IТ технологиялар үйретилмекте. Тилге қызығыўшылар ушын түрли дөгереклер ислеп тур. Балаларға азанғы аўқат, түслик шөлкемлестиргенбиз. Мектебимиздиң кишкене қыйтақ жериндеги ыссыхана өнимлерин балаларымыз бенен бөлисип атырмыз. Булардың ҳәммесин ата-аналар өз көзи менен көрип, бизге тилеклеслик билдирип атырғанынан қуўанышлымыз. Себеби, бос ўақты болмаған бала мәниссиз нәрселерге алданбайды, тек жақсылыққа қарай умтылады.
Балалардың бос ўақтын өнимли шөлкемлестириў көплеген жаман иллетлердиң алдын алыўға хызмет етеди. Усы мәниде жуўапкерлер тәрепинен ислеп шығылған реже олар ушын ҳәр тәреплеме пайдалы. Атап айтқанда, "Туран" мектеп театры ҳәм "Иқтидор" балалар ансамбльи жәмәәтлериниң 208 театр ҳәм концерт бағдарламасы шөлкемлестириледи. Сондай-ақ, жазғы дем алыс дәўиринде 223 "Келешек" орайында мәденият ҳәм көркем өнер бағдарында оқыўшылардың қызығыўшылығынан келип шығып дөгереклер шөлкемлестириледи. "Әҳмийетли 90 күн" шеңберинде 50 "Келешек" орайында "Жазғы кәсиплер дөгереклери" жойбары әмелге асырылады.
Жазғы дем алыста футбол бойынша миллий сайланды командамызды қоллап-қуўатлаў мақсетинде 220 улыўма билим бериў мектебинде “Ықласбентлер майданы” жойбары жолға қойылады. Жойбарға 1 ай даўамында 122 мың оқыўшы жас қамтып алынады.
"Футболымыз келешеги сениң қолыңда" жарысы, "Туран" мектеп театры ҳәм "Иқтидор" мектеп ансамбльи таңлаўларының республикалық басқышлары өткерилиўи нәзерде тутылған.
Қәбилетли оқыўшылар ҳәм пән олимпиадалары жеңимпазлары арасында “Z-avlod” республикалық форумы өткериледи. Бул жойбарларға 3 мыңнан аслам оқыўшыны тартыў нәзерде тутылған.
Китапқумарлық мәденияты қалай арттырылады?
Мәмлекетимизде улыўма миллий китапқумарлық ҳәрекети басланды. Республикамыздың барлық аймақларын қамтып алған бул ҳәрекетте улыўма билим бериў мектеплериниң 1-класстан 11-класына шекемги оқыўшылары қатнасыўы мүмкин екенлиги белгилеп қойылды. Демек, енди дем алыў орайларында да китапқумарлық ҳәрекети күшейтиледи. Усы мақсетте быйыл дем алыў орайларына 57 мың дана балалар әдебиятының жеткерип берилиўи режелестирилди. Сондай-ақ, “kitob.uz” платформасындағы әдебиятлардың электрон ҳәм аудио түрлеринен пайдаланыў бойынша шараятлар жаратылады.
"Жас жадидлер - ағартыўшылыққа қарай исенимли қәдем" жойбары арқалы 110 оқыўшы арасында китапқумарлық таңлаўы шөлкемлестириледи.
Республикалық Руўхыйлық орайы, Ағартыўшылық үгит-нәсиятшылары жәмийети тәрепинен жолға қойылған "Жаңа Өзбекстанның бахытлы балалары" жойбары шеңберинде белгили дөретиўшилердиң дем алыў орайларына барып, руўхый-ағартыўшылық жумысларды үйренип атырғаны, керекли усынысларды берип атырғаны әйне мақсетке муўапық. Балалардың дем алатуғын орайларының миллий қәдириятлар руўхында безелгени, дем алыў орайындағы руўхый орталықты буннан былай да жақсылаў бойынша жуўапкерлер менен пикир алысыў да мақсетке муўапық.
Миллий ойынларымызды жолға қойыў, китапқумарлық илажларын жоқары дәрежеде өткериў болса дем алыў орайларындағы пайдалы шынығыўлардың нәтийжелилигин арттыратуғынына гүман жоқ. 
Муножат МЎМИНОВА, 
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы