Марко Рубио "Буюк хизматлари учун" ордени менен сыйлықланды. Мәмлекетимиз басшысы оның Өзбекстан - АҚШ стратегиялық шериклигин раўажландырыўға, сиясий-дипломатиялық, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық байланысларды кеңейтиўге қосып атырған жеке үлесин, Орайлық Азияда тынышлық, турақлылық ҳәм избе-из раўажланыўды беккемлеўге қаратылған ҳәрекетлерди қоллап-қуўатлап атырғанын атап өтти. Оның Жаңа Өзбекстанның халықаралық басламаларын алға қойыўға жәрдем бергени, халықларымыз арасындағы исеним ҳәм дослықты беккемлеўге қосқан үлеси айрықша атап өтилди.
Сержио Гор Өзбекстан ҳәм АҚШ арасындағы дослық қатнасықларын беккемлеў ҳәм стратегиялық шерикликти кеңейтиўге қосқан үлеси ушын "Дўстлик" ордени менен сыйлықланған. Оның сиясий сөйлесиўди жеделлестириў, еки тәреплеме келисимлерди әмелге асырыў, АҚШ инвесторларын тартыў ҳәм биргеликтеги жойбарларды алға қойыў бағдарындағы ҳәрекетлери, сондай-ақ, Америка - Өзбекстан исбилерменлер ҳәм инвестициялар кеңеси шеңбериндеги бирге ислесиўди раўажландырыўға қосып атырған үлеси атап өтилди.