Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары Федерациясы
системасындағы 5 балалар дем алыў орайы ҳәм 1 жеке меншик дем алыў орнында дем
алатуғын мыңға шамалас балалар Нөкис қаласының орайынан салтанатлы түрде
шығарып салынды.
Балаларды дем алыў орынларына қәўипсиз ҳәм
шөлкемлескенлик пенен жибериў процеси Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары Федерациясы
Қарақалпақстан Кеңеси, Балалардың дем алыўын ҳәм саламатландырылыўын
шөлкемлестириў департаментиниң аймақлық басқармасы, Ишки ислер уйымлары, Жол
ҳәрекети қәўипсизлиги хызмети және педагог-тәрбияшылар ҳәм жетекшилер менен
биргеликте шөлкемлестирилди.
Автобус ҳәм микроавтобуслардан қуралған колонналар
балалардың дем алыў орынлары жайласқан аймақларға қәўипсиз түрде бақлап
барылды.
Соның менен бирге, жергиликли ҳәкимликлердиң
қәўендерлигинде шөлкемлестирилип атырған және 4 дем алыў орайына жергиликли балаларды
қабыл етиў процесслери даўам еттирилмекте.
Сондай-ақ, қала ҳәм районларда жайласқан Мектепке
шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги системасындағы 69 улыўма билим
бериў мәкемесинде шөлкемлестирилген күндизги саламатландырыў орынларына жәми
3350 бала қамтып алынды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.