"Пулково" халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды Россия Федерациясы Ҳүкимети Баслығының биринши орынбасары Денис Мантуров, қала губернаторы Александр Беглов ҳәм басқа да рәсмий шахслар күтип алды.

Сапар етиў шеңберинде Өзбекстан жетекшиси Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин менен ушырасыў өткереди, сондай-ақ, мәмлекетимизде биргеликте қурылатуғын атом электр станциясының биринши реакторын қурыўды баслаў мәресиминде қатнасады.

Мәмлекетимиз басшысы 5-июнь күни 29-Петербург халықаралық экономикалық форумының тийкарғы илажларында қатнасыўы режелестирилген.