Мәмлекетимизде шарўашылықты раўажландырыў, аўыл хожалығы өнимлерин терең қайта ислеў ҳәм азық-аўқат санаатында қосымша қун шынжырын кеңейтиўге айрықша итибар қаратылмақта. Бул бағдарда заманагөй технологияларды енгизиў, жергиликли шийки затты қайта ислеў ҳәм ислеп шығарыўшыларды қоллап-қуўатлаў бойынша кең имканиятлар жаратылған.

Хорезм ўәлаяты сүт жетистириў потенциалы жоқары аймақлардан бири. Бул имканияттан нәтийжели пайдаланып, шарўашылықты қәнигелестириў ҳәм сүтти санаат усылында қайта ислеўди кеңейтиў бойынша жойбарлар әмелге асырылмақта.

"Тилло домор" кәрханасының улыўма баҳасы 11 миллион доллар болып, жылына дерлик 100 миллиард сумлық өним ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе. Кәрхана Болгариядан алып келинген заманагөй технологиялық үскенелер менен тәмийинленген.

Бул жерде сыр, қаймақ, сметана, творог, қатық, кефир сыяқлы 70 тен аслам түрдеги сүт өнимлери ислеп шығарылмақта. Шийки зат ҳәр күни 100 ден аслам фермер хожалығы ҳәм халықтан сатып алынады. Бул, өз гезегинде, шарўашылық пенен шуғылланып атырған халық ушын турақлы сатыў базарын жаратыўға хызмет етпекте.

Кәрханада 120 жумыс орны жаратылған. Өндирис комплексинде 100 киловатт қуўатлылыққа ийе қуяш панельлери де орнатылған. Келешекте және 100 жаңа жумыс орнын шөлкемлестириў, өним түрлерин көбейтиў режелестирилген.

Бүгинги күнде ўәлаятта 1 мың 200 ге шамалас қайта ислеў кәрханасы жумыс алып бармақта.

Президентимиз жергиликли шийки затты терең қайта ислеп, жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыўды көбейтиў, бундай кәрханаларды шийки зат пенен турақлы тәмийинлеў, өним түрлерин ҳәм өндирис көлемин арттырыў әҳмийетли екенлигин атап өтти. Жуўапкерлерге бул бағдардағы исбилерменлик басламаларын қоллап-қуўатлаў бойынша тийисли көрсетпелер берилди.