Климат өзгериўине бейимлесиў ҳәм климатлық қаржыландырыўды тартыў тараўындағы бирге ислесиўди және де кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Фонд пенен бирге ислесиўдиң унамлы пәти қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Биргеликтеги жойбарлар портфели 200 миллион доллардан артты. Мәмлекетимиз басшысы Орайлық Азияда климатқа шыдамлы ландшафтларды жаратыў бойынша регионаллық бағдарламаның мақулланыўын қоллап-қуўатлады.

Миллий қаржы институтларының фонд ресурсларынан тиккелей пайдаланыўын тәмийинлеў, Өзбекстанда, соның ишинде, Аралбойын экологиялық тиклеў ҳәм "жасыл" қалаларды раўажландырыўға кең көлемли климат инвестициялары бағдарламасын қәлиплестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Ушырасыў жуўмағында шерикликти беккемлеў ҳәм жаңа қоспа жойбарларды әмелге асырыў бойынша келисимге ерисилди.