Ушырасыў алдынан министр Өзбекстан жетекшисине Патша Салмон бин Абдулазиз Ал Сауд ҳәм Мийрасхор, Бас министр Муҳаммад бин Салмон Ал Саудтың сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Өзбекстан ҳәм Саудия Арабстаны арасындағы көп қырлы бирге ислесиў ҳәм ҳәр тәреплеме шерикликти буннан былай да кеңейтиў мәселелери додаланды.

Сөйлесиўде соңғы жылларда еки тәреплеме қатнасықлар жедел раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Ири жойбарлар портфели қәлиплестирилген болып, олардың үлкен бөлеги "жасыл" энергетика тараўына туўра келеди.

Ушырасыўда нефть-газ, нефть-химия, таў-кән ҳәм басқа да тийкарғы тармақларда бирге ислесиўди және де тереңлестириў ҳәм анық әмелий усыныслар ислеп шығыўға айрықша итибар қаратылды.