Бирақ, тәртипсиз, өзбасымшалық пенен емлениў организмдеги турмыслық әҳмийетли ағзаларда түрли дәрежедеги асқыныўлардың жүзеге келиўине себеп болыўы, дурыс емлениў ушын қымбатлы ўақыттың жоғалтылыўына алып келиўи мүмкин.

Республикалық қыстаўлы жәрдем илимий орайы комбустиология ҳәм токсикология комплекси бас шыпакериниң орынбасары Мардон НАРЗИЕВ пенен сәўбетимиз усы ҳаққында болды.

       Ҳәр қандай дәри қәўипсиз емес, ҳәттеки рецептсиз берилгенине де қарсы көрсетпелер ҳәм кери тәсирлер бар. Соған қарамастан, өзбасымшалық пенен емлениў ҳәм оның ақыбетинде жүзеге келип атырған аўыр асқыныўлар ушырасып турыпты. Бул, тәбийғый, кеселлик үстинен қадағалаўдың жоғалыўы, инсан саламатлығына қәўип салыўы, айырым жағдайларда унамсыз жуўмақланыўы мүмкин, дурыс емес пе?

 — Адамлар көбинесе "Егер аўырыў болса, мен таблетка ишиўим керек" принципи тийкарында ҳәрекет етеди ҳәм шыпакер менен мәсләҳәтлеспестен дәри-дәрманды өзи таңлайды. Нәтийжеде ол кеселлик белгилерин емлейди, бирақ тийкарғы себебин сапластырмайды. Мәселен, жөтел вируслы инфекция ҳәм жүрек жетиспеўшилигиниң белгиси болыўы мүмкин. Надурыс таңланған дәри-дәрмақ жәрдем бермейди. Буннан тысқары, бул қымбат баҳалы емлениў ўақтының жоғалтылыўына алып келеди.

Айырым дәрилер күтилмегенде аллергиялық реакция ямаса анафилактикалық шок келтирип шығарса, айырымлары баўыр ҳәм бүйрек искерлигине унамсыз тәсир етеди. Басқалары болса жүрек ритминиң бузылыўына алып келиўи мүмкин.

Өзбасымшалық пенен емлениў емлеўханаға жатқарыўды талап ететуғын аўыр асқыныўларға алып келген жағдайлар бар. Соның ушын ҳәттеки рецептсиз берилетуғын дәрилерди қабыл етиўде де ҳәр қыйлы унамсыз тәсирлерди есапқа алыў әҳмийетли.

Бир неше дәрини бирге қабыл етиў ҳәр бир дәриниң тәсирин сезилерли дәрежеде күшейтиўи ямаса пәсейтиўи мүмкин. Аўқат ҳәм ишимликлер гейде дәрилер сорылыўын өзгертеди. Медициналық мәсләҳәтсиз қабыл етилген дәри-дәрмақ емлеў нәтийжелилигин төменлетиўи ямаса организмниң жумысын истен шығарыў итималы жоқары. Әсиресе, қанды суйылтыўшы дәрилерди өзбасымшалық пенен ишиўге болмайды. Себеби, қанның ҳәдден тыс суйық болыўы жарақатларда қан тоқтап қалмаўына, инсульт ҳәм басқа да кеселликлердиң раўажланыўына алып келеди. Жүрек искерлигине тәсир ететуғын дәрилерди қабыл етиў ушын, бәринен бурын, наўқаслар кардиолог-терапевт қәнигелер көригинен өтиўи керек.

Айтайық, жөтел ҳәм мурын питиўи өткир респиратор вируслы инфекция (аязлаў) себепли келип шығыўы мүмкин, бул көбирек жыллы суйықлық ишиў ҳәм үй шараятында күтим менен емленеди. Бирақ ол пневмония ҳәм синусит себепли де келип шығады. Бул жағдайда антибиотик буйырылады. Наўқас ямаса оның жақынының белгили бир белгиниң себебин өз бетинше анықлаў мақсетке муўапық емес. Әпиўайы аязлаў деп ойлағанымыздың артында да аўыр кеселлик болыўы мүмкин.

Және бир жағдай. Адамлар денсаўлық пенен байланыслы машқалалар жүзеге келгенде көбинесе поликлиникаға мүрәжат етеди. Шыпакерден ҳәр бир наўқасқа индивидуал қатнас жасап, барлық тәреплерди есапқа алған ҳалда емлеў илажларын усыныс етиў талап етиледи. Тилекке қарсы, айырым кәсиплеслеримиз наўқасқа керекли-керексиз тексериўлер өткериўи, шәрт болмаса да, антибиотик буйырыўы ушырасып турыпты.

Өзбасымшалық пенен емлениўдиң унамсыз ақыбети узақ мүддеттен кейин де өз тәсирин көрсетеди. Мысалы, антибиотик ҳәм гормонал дәрилердиң унамсыз тәсири кейинирек сезиледи. Антибиотик организм ушын пайдалы микрофлораны жоқ етиўи ҳәм де баўыр хызметине зыян жеткериўи мүмкин. Антибиотиктиң тийкарсыз жағдайларда кеңнен қолланылыўы ақыбетинде кейин ала адамда нерв системасы истен шығыўы бақланыўы медицинада дәлилленген. Себеби инсанды руўхый теңсалмақлылықта услап туратуғын серотонин элементи тийкарынан ишекте ислеп шығарылады. Ишектеги микрофлора организмимизге керекли витаминлерди өзлестириўге жәрдем береди.

Гормонларды узақ ўақыт қабыллаў буўын кеселликлери, коксартроз, баўыр кеселликлери, гепатит көбейип кетиўине де алып келмекте. Гормонлардың және бир кери тәсири, ол эндокрин кеселликлер, мәселен, қантлы диабет пайда болыўына түртки болыўы мүмкин. Сондай-ақ, бүйрек үсти бези жетиспеўшилигине себеп болыў итималын да бийкарлай алмаймыз. Стресске бейимлилик күшейеди.

Ҳәзирги ўақытта электрон рецепт әмелде. Карбамазепин, димедрол, психотроп дәри рецепт тийкарында бериледи. Сол себепли қәлеген адам оны сатып ала алмайды. Тәжирийбемиздеги бир аўыр жағдайға тоқтап өтпекшимен. Өз жанына қастыянлық етиў жағдайлары үйренилгенде, қан басымын түсириўши дәрилер көп муғдарда қабыл етилгени мәлим болған. Әйне усы топарға киретуғын дәрилер де рецепт арқалы берилиўин жолға қойылса, мақсетке муўапық болар еди.

Антибиотиклерди қадағалаўсыз қабыллаў кейин ала қандай машқалаларды келтирип шығарыўы мүмкин?

Дәслеп ойлап табылғанда пенициллин исиниўлерди нәтийжели емлеген болса, ҳәзир тәсири дерлик сезилмей қалған. Көплеген жаңа әўлад дәрилер жаратылды, күшли антибиотиклер пайдаланыўға киргизилди. Грипп ямаса әпиўайы аязлаў белгилери бақланғанда күшли антибиотик усыныс етиў унамсыз ақыбетин көрсетти. Организмниң шыдамлылығы жүдә төменлеп кетти. Бактериялар антибиотиклерге бейимлесип, олар тәсир етпейтуғын формаларға айланды. Нәтийжеде әпиўайы инфекцияларға да гейде дәри тәсир етпей атыр.

Келешекте инфекциялар себепли наўқасларды сақлап қалыў қыйынласыўы мүмкин. Бул болса өлим қәўпин арттырады. Экономикалық ақыбетлери де аўыр. Күшли ҳәм қымбат дәри-дәрмақлар, айлап емлеўханада жатыў ҳәм қосымша медициналық емлеўлер ҳәр қандай адамның диңкесин қурытатуғыны тәбийғый. Шыдамлы бактериялар адамлар арасында кең тарқалып, эпидемияны келтирип шығарыўы жергиликли ҳәм халықаралық көлемде денсаўлықты сақлаў системасына машқала болыўы мүмкин. Хирургиялық операциялар, орган көшириў, химиотерапияда инфекциялардың алдын алыў қыйынласады.

Ҳәзирги ўақытта жаңа антибиотикти ойлап табыў дүнья медицинасында үлкен машқалаға айланбақта. Бул дегени, пневмония ямаса басқа да исиниў кеселликлери пайда болғанда антибиотиклер нәтийже бермеў итималы жүдә үлкен. Бул болса наўқасты сақлап қала алмаўға алып келиўи мүмкин.

Антибиотиклер тек ғана тири микробларды емес, ал тири клеткаларды да өлтириўи ямаса некрозға ушыраўы мүмкин. Антибиотиктен кейин бүйрек кеўип қалыўы ямаса жүрекке тәсир көрсетиўи көп бақланған. Өкпеде организмниң иммунитетине қарсы гүресетуғын сапрофит микробларды жоқ етиўи, аллергияның күшейиўине себеп болыўы дәлилленген. Әсиресе, жасларда бақланып атырған бронхиал астма, аллергиялық ринит ямаса тери кеселликлери - булар антибиотиклерди тәртипсиз қолланыў ақыбетинде жүзеге келмекте.

Аязлаўды дәрисиз емлеў аңсат болмаўы мүмкин, себеби оны келтирип шығаратуғын ҳәр қыйлы вируслар бар. Бирақ шыпакер менен мәсләҳәтлесип кеселликти антибиотиксиз, тәбийғый жол менен жеңиўге ҳәрекет етиў керек. Иммунитетти қоллап-қуўатлаў, дурыс ислеўине жәрдем бериў ушын витаминлер, минераллар, шөплер ҳәм иммунитетти күшейтетуғын басқа да қосымшалардан пайдаланылса, мақсетке муўапық болады.

Антибиотиклер вирусларға тәсир етпейди. Вируслы инфекциялар, аязлаўда көбирек суйықлық, мәселен, шиповник, паллы шай, шербет ҳәм сорпа ишиў суўсызланыўдың алдын алады. Тамақты жыллы дузлы ямаса ишимлик содасы салынған суў менен тез-тез шайып турыў пайда береди. Көбирек дем алыў усыныс етиледи. Сонда организмниң инфекцияға қарсы гүресиў имканияты артады. Бөлмени самаллатып турыў ҳәм ҳаўаны ығалландырыў инфекцияға қарсы тәсир етеди, температурасы көтерилгенде шыпакердиң усынысы менен аўырыўды қалдырыўшы ҳәм температураны түсириўши дәрилерден пайдаланыў мүмкин.

 Интернет ҳәм социаллық тармақлардағы медициналық усыныслар ҳаққында пикириңизди билмекши едим.

 

Илимий дәлиллерсиз интернет ҳәм социаллық тармақлардағы "әжайып емлениў" ҳаққындағы пикирлерге исениў керек емес. Егер рекламада дәри "тез", "кепиллик берилген" ямаса "универсал" емлеўди ўәде етсе, бул абайлылық пенен қатнаста болыў ушын себеп. Дурыс, айырым усыныслар тәжирийбели шыпакерлер тәрепинен бериледи. Гейде тәўиплер, биологиялық актив қосымша сатыўшылардың усынысларына да көзимиз түседи. Бирақ шыпакер көриги ҳәм қадағалаўысыз түрли усыныслардан пайдаланыў орынлы емес. Бул наўқастың жағдайын аўырластырып қойыўы мүмкин.

Әсиресе, соңғы ўақытта социаллық тармақларда дене салмағын аздырыў бойынша гүманлы рекламалар көбейип кетти. Мине, усы үгит-нәсиятларға исенип тексерилип көрилмеген емлеўлерди алып атырған, нәтийжеде аўыр жағдайға түсип атырған ўатанласларымыз бизге тез-тез мүрәжат етпекте. Бул аўыр машқала. Ҳеш қашан, ҳеш нәрсе ислемей, жатқан ҳалда азыў мүмкин емес. Шыпакер көриги, бир қанша тексериўлерден соң емлениў, дурыс аўқатланыў, саламат турмыс тәризине әмел етиў усыныс етиледи.

Ўатанласларымызда медициналық мәденият, саламат турмыс тәризин қәлиплестириўде усыған қәнигелескен орайлардың орны айрықша. Мәселен, салмақ артыўының алдын алыў ушын, биринши гезекте, физикалық белсендиликти арттырыў, дурыс аўқатланыў мәдениятын қәлиплестириў, дәрилерди тәртипсиз ҳәм шыпакер қадағалаўысыз қабыл етпеў, стресске бейимлиликти азайтыў усыныс етиледи.

Дәри-дәрмақ рекламасы адамлардың өзбасымшалық пенен емлениўине қаншелли тәсир көрсетеди?

Рекламаның тәсири жақсы сезилмекте, десек қәте болмайды. Реклама дәриниң пайдасын атап өтеди, нәтийжеде айырым адамлар оны қәўипсиз ҳәм ҳәмме ушын сәйкес деп есаплаўы мүмкин. Бул болса шыпакерге мүрәжат етпей, дәри ишиўге ийтермелейди. Реклама етилген дәрини ишиў менен жазылып қалатуғындай, инсан өзинде кеселликти жеңип өтиўге күш тапқандай сезиледи. Бул дәрини қадағалаўсыз, кери тәсирлерин жақсы үйренбестен қабыллаўға алып келеди. Кеселлик белгилери уқсас болса да, ҳәр бир наўқас индивидуал, ишки имканиятлары ҳәр қыйлы. Шыпакердиң усынысысыз, өзи билетуғын дәри ишиўдиң ақыбетлери аянышлы болыўы мүмкин.

Биологиялық актив қосымша дәри емес, кеселликти емлеўге арналмаған. Ҳәр қандай дәрини сатып алыўдан алдын мағлыўмат дерегин тексериў әҳмийетли. Исенимли реклама дәри қурамы, қарсы көрсетпелер ҳәм қәниге мәсләҳәти зәрүрлиги ҳаққындағы мағлыўматты өз ишине алады.

Шыпакер диагнозы не ушын әҳмийетли?

Қәниге кеселликти анық белгилейди. Бирдей белгилер түрли кеселликлерде ушырасыўы мүмкин. Мысал ушын, температура ҳәм жөтел әпиўайы аязлаў, вируслы инфекциялар менен бирге басқа да аўыр кеселликлерде ушырасыўы ҳақыйқат. Гейде инсан өзин жүдә ҳәлсиз сезеди. Бул витамин жетиспеўшилиги, кемқанлық ямаса онкологиялық кеселликлердиң белгиси болыўы итимал. Буны тексерип көрмей турып анық диагноз қойыў мүмкин емес. Бас аўырыўының себеплери ҳәр қыйлы. Ўақтында анықланған себеп кеселликтиң күшейиўи ҳәм созылмалы түске өтиўи, денсаўлыққа, инсан өмирине қәўип туўдыратуғын басқа да аўыр кеселликлердиң жүзеге келиўиниң алдын алады.

Дәрини кишкене балалардың қолы жетпейтуғын жерге қойыў керек. Тәжирийбемизде үлкенлерге буйырылған дәрини ишиўден зәҳәрленген балалар да ушырасып турады. Гейде ата-аналардың итибарсызлығы, медициналық мәденияттың жетиспеўшилиги себепли жүз беретуғын бундай ўақыялар аянышлы ақыбет пенен жуўмақланады. Бир шаңарақтың қуўанышы, өмиримиздиң даўамшысы болған балалардың саламатлығы ҳәмме нәрседен әҳмийетли. Оған қол урыўға ҳеш кимниң ҳақысы жоқ. Солай екен, дәри-дәрмақты сақлаў ҳәм қабыл етиўге көнликпе ҳәм билим менен қатнас жасаў керек.

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы

Рисолат МАДИЕВА сәўбетлести.