"Ашық бюджет" порталы арқалы түрли басламалар алға қойылып, адамлардың өзи даўыс жыйнап атырғаны, жеңимпаз жойбарларға белгиленген қаржы ажыратылып атырғаны оған имканият берип атыр. Әне усындай жойбарлардың нәтийжелери ҳәм халықтың даўысы менен аймақларда жаңа жоллар, жәмийетлик орынлар, билимлендириў дәргайлары, дем алыў орайлары қурылмақта.

Мәмлекетимиз бойлап көклемзарластырыў процесинде де халық тиккелей қатнаспақта. Гәп бул жерде ўатанласларымыздың "Ашық бюджет" порталына жайластырылған "Мениң бағым" жойбары арқалы жәмийетлик парклер, бағ ҳәм жасыл аймақларды шөлкемлестириў бойынша үлкен қаржы талап етилетуғын ири басламаларды алға қойып атырғаны ҳаққында болмақта. Онда усыныс етилген жойбарлар жәмийетшилик пикири тийкарында қәлиплестирилип, тийисли тәртипте даўысқа қойылады. Жеңимпазлар анықланғаннан соң, ең көп даўыс алған бағ ямаса жәмийетлик паркти қаржыландырыў басланады.

- "Мениң бағым" жойбары биринши мәрте мәмлекетимиз басшысының тапсырмасы менен 2024-жылы иске қосылды ҳәм соннан берли өткерилип келинбекте, - дейди Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң бас қәнигеси Жаҳонгир Тураев. - Жойбардың биринши мәўсиминде-ақ елимиз бойлап 53 мыңнан аслам даўыс берилип, 215 жойбар жеңимпаз деп табылған еди. Оларды қаржыландырыў ушын болса 48,6 миллиард сум ажыратылған. Бул мине усы қаржылар есабынан жүзлеген аймақларда бағлар шөлкемлестирилип, жасыл мәканлар пайда болғанын аңлатады. Қаржыландырыўға мүнәсип жойбарлар даўыс бериў басқышынан соң анықланады. Ҳәр бир усыныс баҳасы 250 миллион сумды қурайды. Бул сумма орташа есапта алынған. Егер баслама көбирек қаржы талап етсе, жергиликли бюджеттен артқан қаржыдан да қаржыландырылыўы нәзерде тутылған.

"Мениң бағым" жойбарының 2026-жылғы мәўсими 1-апрельден 30-апрельге шекем даўам етти. Дәслеп "Ашық бюджет" порталы арқалы пуқаралар жойбар усынысларын киргизди. Бул басқышта аймақлардан жәми 610 жойбар келип түскен. Кейинги басқышта бул жойбарлар белгиленген талап ҳәм өлшемлер тийкарында таңлап алынып, даўыс бериў басқышына өткерилди. 30-апрельге шекем даўам еткен бул басқышта 41,2 мыңнан аслам даўыс берилгени жәрияланды.

Жойбар нәтийжелери де қысқа мүддетте жәрияланып, жеңимпазлар дизими электрон порталға жайластырылды. Онда быйылғы мәўсимде елимиз бойынша 208 жойбар жеңимпаз деп табылғанын көриў мүмкин. Бул жойбарларды қаржыландырыў ушын болса мәмлекетлик бюджеттен 52 миллиард сум ажыратылады.

11 даўыс пенен жеңимпаз деп табылған баслама

Басламалардың мәнзили ҳәм мазмуны ҳәр қыйлы, бирақ ҳәр бириниң бағдары бирдей - аймақларда жасыл орынларды қурыў, қараўсыз қалған жерлерди көклемзарластырыў, экологиялық орталықты жақсылаўға үлес қосыўға қаратылған.

Самарқанд ўәлаяты Иштихан районынан Қуўандық Ҳуббимов киргизген баслама ең көп - 9265 даўыс пенен жеңимпаз жойбарлар арасында жетекшилик етпекте. Жерлесимиз аймақтың Сахибкор мәҳәллесиндеги Ғайып ата қойымшылығында көп жыллық шырша тереклерин егиў, мәҳәлледе трансформатор орнатыў ҳәм артезиан қудығы қазыў жойбарын киргизген. Мине, усы басламаны әмелге асырыў ушын мәмлекетлик бюджеттен 250 миллион сум ажыратылды.

Жеңимпаз деп табылған және бир жойбар интакери Икром Буронов Ташкент ўәлаяты Бекабад районында көп жыллық тереклерден ибарат жасыл парк жаратыў усынысын алға қойған. Жойбарда бағ аймағында адамлар дем алыўы ушын орынлықлар орнатыў да нәзерде тутылған. Усыныс 8995 даўыс жыйнады ҳәм оны қаржыландырыў ушын мәмлекетлик бюджеттен 250 миллион сум ажыратылды. Басқа бир жойбар арқалы болса Ферғана ўәлаяты Риштон районында "жасыл" жәмийетлик парк қурылатуғын болды.

Жойбардың ең кем - 11 даўыс пенен жеңимпаз болған басламасы Ташкент қаласы Яшнабад районынан киргизилген. Онда интакер Аброр Аҳмедов аймақтың Аҳмад Яссаўий мәҳәллесинде жасыл бағ жаратыў жойбарын алға қойған. Бул бағ узақ жыллық тереклерди егиў есабынан жаратылады. Онда адамлар дем алып, тәбият қойнында мазмунлы ўақыт өткериўи ушын орынлықлар орнатылады.

Жойбарлар экологиялық орталықты жақсылаў менен бирге, адамлардың жасылға, тәбиятқа умтылыўын хошаметлейди. Қалаберди, оларда даўыс берген халық ҳәр бир жойбардың қаржыландырылыўын, әмелге асырылыўын да тиккелей ҳәкимликлер менен биргеликте қадағалаў имканиятына ийе. Себеби жойбарлар өз аты менен жәмийетлик басламаларды нәзерде тутады. Мәмлекетимиз бойлап жедел пәт алып барып атырған көклемзарластырыў жумысларында ўатанласларымыздың үлесин сәўлелендиреди. Тийкарғысы, олар адамларды бирден-бир мақсет жолында бирлестирип, өз аймағының раўажланыўы ушын биргеликте ҳәрекет етиўге шақырмақта. "Мениң бағым" жойбары да қоршаған орталықты сақлаўға бийпәрўа болмаған, "жасыл" мәканлардың көбейиўи тәрепдары болған ҳәр бир пуқараны процесслерде белсене қатнасыўға шақырады.

Жойбар дәстүрий "Жасыл мәкан" улыўма миллий ҳәрекети менен үнлес әмелге асырылып атырғаны соннан. Министрлер Кабинетиниң тийисли қарарына бола, "Жасыл мәкан" шеңберинде мәмлекетлик бюджеттен ҳәр жылы ажыратылатуғын қаржылардың бир бөлеги "Мениң бағым" жойбарларын қаржыландырыўға бағдарланады. Жойбарларды әмелге асырыўдағы ашық-айдынлық, есап бериў, жуўапкершилик сыяқлы тәреплери де тийисли режеде нәзерде тутылған.

Усыныслар тиккелей жәмийетшилик пенен байланыслы болған ҳалда аймақларда егилетуғын терек ҳәм өсимликлер, жаратылатуғын бағларға ким ғамхорлық ететуғыны мәселеси де әҳмийетли. Қәнигелердиң мәлим етиўинше, бул пуқаралардың өзине таслап қойылмайды. Жумысшы топар тәрепинен ҳәр бир район ҳәм қалада жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлестириледи. Айтайық, бир аймақта жәмийетлик паркти шөлкемлестириў керек болса, жойбарлаўшы, яғный районлық ҳәм қалалық экология бөлимлери парктеги жоллар, жақтыландырыў шырақларынан баслап суўғарыў системасына шекем қандай болыўын жойбарластырады.

Жумысты бөлип алып ислеўши ажыратылған қаржы есабынан нәллердиң топырақ климат шараятына сайларын таңлайды ҳәм сол тийкарда оларды отырғызады. Үш жылға шекем суўғарыўдан баслап агротехникалық илажларға шекем - ҳәмме ўазыйпа жумысты бөлип алып ислеўшиге жүкленеди.

Қосымша имканият бар

Әтирапымызда бир жаңа терек пайда болса да қуўанамыз, бағларды айтпаса да болады. Бул инсанның әзелден тәбият пенен үнлесликте жасаўға бейимлескени менен байланыслы болса керек. Бул мәселе әҳмийетли экологиялық машқалаға айланбағанша да ата-бабаларымыз жерге нәл отырғызып, бағ-бақшаларды көбейтиўди тәрк етпеген. Бүгин даўам етип атырған бул ҳәрекетлер енди, елимизде улыўма миллий ҳәрекетке, жәмийетшиликти және бир мақсет жолында бирлестирип атырған басламаларға айланды.

Арадан белгили ўақыт умытылып кеткен қоршаған орталыққа ғамхорлық түсиниги қайтадан, заманагөй жойбарлар тийкарында ғалабаласып бармақта. Тек ғана "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңберинде ҳәр жылы 200 миллион түп нәл егилип атырғаны келешек әўладтың экологиялық турақлы орталықта жасаўын тәмийинлеўге қаратылған үлкен мақсетлердиң бир бөлеги болып табылады.

Усы жағынан быйыл 1-апрель күни мәмлекетимиз басшысы Ташкент қаласында Миллий дендрология бағын қурыўға старт берип, бағдың дәслепки 5 гектар майданында саяманлы нәл егиў илажында қатнасқаны тарийхый ўақыя болды. Миллий дендрология бағы тек ғана жасыл аймақ емес, ал илимий, ағартыўшылық ҳәм жәмийетлик мәкан сыпатында қәлиплестириледи. Бағ бойлап ҳәр қыйлы регионларға тән терекзарлық, гүлзар аймақлар, дем алыў орынлары, пиядалар ҳәм велосипед жоллары қурылады.

Мәмлекетимиз басшысы илажда аймақларда жасыл бағлар жаратыў бойынша халық ҳәм депутатлардың қатнасын және де кеңейтиўди усыныс етти. Усы тийкарда усы жылдан баслап "Мениң бағым" жойбарларын шөлкемлестириўди жетилистириў ҳәм оларды әмелге асырыўда жаңа механизмлер енгизилмекте. Енди жойбарларды аймақтың топырақ климат шараяты ҳәм суў тәмийнатына сәйкес түрде қәлиплестириў системасы, жойбарлар шеңберинде жасыл бағлар ҳәм жәмийетлик парклерде тереклер ҳәм өсимликлерди егиў, оларды турақлы тәрбиялаў, қурылған объектлердиң жағдайын сапалы сақлаўдың жаңа әмелиятын енгизиў солардың қатарына киреди.

Сондай-ақ, "Мениң бағым" жойбары таңлаўында жеңимпаз деп табылмаған жойбарлар енди Нызамшылық палатасының депутатлары тәрепинен жеңимпаз деп тән алыныўы мүмкин. Онда депутатлар кеминде бир жойбарды сайлаўшылардың мәплери ҳәм аймақтың экологиялық жағдайынан келип шығып жеңимпаз деп табыў әмелияты жолға қойылды. Қосымша жеңимпазлар болса жойбар жуўмақланғаннан соң, белгиленген мүддетте анықланады.

Ирода ТОШМАТОВА,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы