Дүньяның ең күшли он гроссмейстериниң қатнасыўында болып өткен жарыста
Өзбекстанның абырайын гроссмейстер Нодирбек Абдусатторов мүнәсип қорғады.
Рапид ҳәм блиц бойынша өткерилген ойынлар жуўмағында Абдусатторов 23,5
очко топлап, Франция ўәкили Алиреза Фирузджа менен бирдей нәтийже көрсетти.
Жеңимпазды анықлаў ушын тай-брейк өткерилип, еки ойын 1:1 есабында
жуўмақланды. Шешиўши партияда француз шахматшысының әўмети келди.
Турнир жуўмағы
бойынша сыйлы орынлар төмендегише бөлистирилди:
1-орын - Алиреза
Фирузджа (Франция).
2-орын - Нодирбек
Абдусатторов (Өзбекстан)
3-орын - Максим
Вашье-Лаграв (Франция).
Турнирди екинши
орын менен жуўмақлаған Нодирбек Абдусатторов 42,5 мың АҚШ доллары муғдарындағы
ақшалай сыйлықты қолға киргизди.