Тәреплер инвестициялық орталықты жетилистириў, сыртқы саўда ҳәм экспортты раўажландырыў, биргеликтеги басламаларды алға қойыў бойынша бирге ислесиўди тереңлестириў перспективаларын додалады.
Грант қаржыларын тартыў, ЕБШ ҳәм халықаралық финанс институтлары менен бирге ислесиў, Aid for Trade бағдарламасының жаңа басқышын әмелге асырыў, "жасыл" қаржыландырыўды раўажландырыў ҳәм ҳаял-қызлар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Ушырасыў жуўмағында шерикликти буннан былай да беккемлеў, турақлы ҳәм инклюзив экономикалық раўажланыўға қаратылған биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўдан еки тәреп те мәпдар екени тастыйықланды.