Қабыл етиўшилер ушын:

4 арнаўлы техникум;

660 оқыў орны;

37 кәсип ҳәм қәнигелик;

оқыўдың күндизги түри

Самарқанд, Фергана ҳәм Ташкентте арнаўлы техникумлар жайласқан.

Оқыў IТ, аспазлық, тигиўшилик, дизайн, шаштәрезлик, зергерлик, медиа ҳәм мәлимлеме хызметлери, электромобильлерге хызмет көрсетиў ҳәм басқа да заманагөй ҳәм талап жоқары болған бағдарлар бойынша алып барылады.

Ҳүжжетлер 10-августтан 10-сентябрьге шекем қабыл етиледи.

Ҳүжжетлерди my.edu.uz платформасы арқалы онлайн тапсырыў мүмкин.

Кәсиплер ҳәм қабыллаў бағдарлары ҳаққында толық мағлыўмат - kasbedu.uz сайты.

Майыплығы болған жаслар арнаўлы техникумларға медициналық-социаллық эксперт комиссиялары тәрепинен тастыйықланған майыплық ҳаққындағы жуўмақлар тийкарында қабыл етиледи.