Тәреплер “Anadolu Group”тың Өзбекстандағы жумысын кеңейтиў, жаңа инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ҳәм санаат кооперациясын раўажландырыў перспективаларын додалады.

Мәмлекетимиздиң инвестициялық потенциалынан пайдаланыў, өндирислик қуўатлылықларды арттырыў ҳәм компанияның Өзбекстан базарындағы қатнасын беккемлеўге айрықша итибар қаратылды.

Ушырасыў жуўмағында бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарларын анықлаў, инвестициялық басламаларды таярлаў ҳәм әмелге асырыў бойынша биргеликтеги жумысларды даўам еттириўге келисип алынды.