Илаж шеңберинде халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламы арасынан бир неше басқышта кишкене наўқаслар таңлап алынды. Дәслеп Балалар миллий медицина орайының қәнигелери тәрепинен 2000 нан аслам ул-қызлар көриктен өткерилди ҳәм олардан 270 тен асламы таңлап алынды.
Бул балалардың ҳәр биринде 40 жыллық тәжирийбеге ийе, дүньяның белгили пластик хирурги Ҳасан Баев тәрепинен медициналық тексериўлер өткерилди.
Нәтийжеде олардың арасынан хирургиялық операцияларды өткериўге мүтәж киши жастағы наўқаслар таңлап алынып, Балалар миллий медицина орайының Аралбойы регионы балалар кеселликлери бойынша медициналық клиникасына жатқарылды.
Қайырқомлық акциясы шеңберинде жәми 70 тен аслам наўқасларда хирургиялық операциялар орынланады.
Әҳмийетлиси, акция шеңберинде туўма таңлай ҳәм ерин жарығы болған балаларда операциялардан тысқары бир қатар сийрек ушырасатуғын әмелиятлар да өткерилмекте. Соның ишинде, қулақ қалқаны болмаған наўқас балаларда бул ағза тиклеп берилди.
Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы.