1-октябрь азанғы жағдайға бола, Брент маркалы нефтьтиң ноябрь айы ушын фьючерслери бир баррельи 97,32 доллардан саўдаланды. Баҳа 0,72 процентке арзанлады, деп хабар берди “Kazinform”.
“WTI” маркалы нефтьтиң баҳасы бир баррель ушын 89,57 долларды қурап, 0,94 процентке арзанлады.
Россияның “Urals” маркалы нефти бир баррель ушын 110,40 доллар болды. Оның баҳасы 0,49 процентке арзанлады.
Сентябр айының жуўмақларына бола, Брент маркалы нефтьтиң баҳасы дерлик 14 процентке артты. Бул июль айынан берли дизимге алынған ең жоқары өсиў болды. “WTI” баҳасы болса дерлик 5 процентке қымбатлайды.
Нефть баҳаларының динамикасы АҚШ ҳәм Иран арасындағы сөйлесиўлердиң барысы ҳәм Персия қолтығынан нефть жеткерип бериўди тиклеў перспективалары тәсир етпекте. Инвесторлар ОПЕК+ мәмлекетлериниң нефть қазып алыў көлеми бойынша қабыл етиўи мүмкин болған қарарларын жоқары баҳаламақта.