Бәсеки комитетине келип түсип атырған мүрәжатлар бул жағдайды айқын көрсетпекте, деп хабар береди Комитеттиң баспасөз хызмети.

Комитет мағлыўматларына бола, 2026-жылдың өткен дәўиринде усақлап сатыў, электрон коммерция ҳәм улыўма аўқатланыў тараўлары бойынша жәми 6 414 мүрәжат келип түскен. Олардың 1 230 ы (19,2 проценти) электрон коммерция тараўына туўра келген.

Мүрәжатлардың көпшилиги тутыныўшылардың пайдасына шешилген. Соннан:

704 (57,2 процент) мүрәжат бойынша тутыныўшылардың ҳуқықлары толық тикленген;

453 (36,8 процент) мүрәжат бойынша ҳуқықый түсиник берилген;

33 (2,7 процент) мүрәжат тийислилигине бола басқа ўәкилликли уйымларға жиберилген.

Таллаўлар электрон коммерция бойынша мүрәжатлардың тийкарғы бөлеги ири онлайн саўда платформалары ҳәм мүддетли төлем хызметлерине туўра келетуғынын көрсеткен.

Мүрәжатлар саны бойынша “Uzum Market” жетекши - 446 (36,2 процент). Кейинги орынларда “Uzum Nasiya” - 184 (14,9 процент), “Alif Shop” - 92 (7,5 процент), “Ishonch” дүканлар тармағы - 69 (5,6 процент) ҳәм “Yandex” хызметлери - 63 (5,1 процент) дизимге алынған.

Комитет мүрәжатларды таллаў процесинде электрон коммерция тараўында системалы шешимди талап ететуғын бир қатар машқалаларды да анықлаған.

Соның ишинде, электрон коммерция қатнасыўшыларын идентификациялаў ҳәм мәлимлеме ашық-айдынлығын тәмийинлеў, электрон шәртнамалар ҳәм мүддетли төлем системасын жетилистириў, товарларды жеткерип бериў ҳәм қаржыларды қайтарыў механизмлерин жақсылаў мәселелери әҳмийетли болып қалмақта.

Сондай-ақ, онлайн платформалардың жуўапкершилигин күшейтиў, судқа шекемги келиспеўшиликлерди шешиўдиң санлы механизмлерин енгизиў, электрон ҳүжжет айланысын жетилистириў және тутыныўшылар ҳәм исбилерменлердиң ҳуқықый мәдениятын арттырыў зәрүр екенлиги атап өтилген.

Бәсеки комитети пуқаралардың мүрәжатларын көрип шығыў ҳәм олардың ҳуқықларын тиклеў менен бир қатарда, келип түсип атырған мүрәжатларды терең таллап, электрон коммерциядағы системалы машқалаларды сапластырыў бойынша усыныслар ислеп шықпақта.