Бул басламаны педагогларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған илажлардың логикалық даўамы сыпатында көриў мүмкин. Себеби педагогтың мийнети тек ғана билим бериў емес, ал жас әўладтың билим ҳәм дүньяқарасын қәлиплестириў, мәмлекеттиң интеллектуаллық потенциалын жоқарылатыў менен тиккелей байланыслы.
Усы көзқарастан, педагогларды қоллап-қуўатлаў тек ғана жумыс орнындағы мийнет шараятлары ямаса мийнет ҳақы менен шекленип қалмастан, ал шаңарақлық ҳәм социаллық мүтәжликлери де есапқа алыныўы әҳмийетли. Бул болса педагоглардың социаллық қорғалыўын және де күшейтиў, олар ушын қосымша имканиятлар жаратыў ҳәм шаңарақта финанслық жүкти азайтыўға хызмет етеди.
- Бул жеңилликте студенттиң жасына итибар қаратылмайды, - дейди жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министриниң мәлимлеме сиясаты бойынша кеңесгөйи Назокат Абдуқундузова. - Педагогтың перзенти мәмлекетлик жоқары билимлендириў шөлкеминиң бакалавриатында күндизги тәлим формасында, төлемли-контракт тийкарында оқып атырған болыўының өзи жетерли.
Ата-ананың екеўи де педагог болса, бул жағдайда жеңиллик еки есеге арттырылмайды. Бир перзент ушын белгиленген 30 процентлик шегирме қолланылады.
Бирақ педагогтың бир неше перзенти жоқарыдағы шәртлер тийкарында мәмлекетлик ЖООда билим алып атырған болса, ҳәр бир перзент ушын шегирме өз алдына болады. Бул болса педагог шаңарағы ушын тек ғана бир емес, ал бир неше перзенттиң билимлендириў қәрежетлерин жеңиллетиў имканиятын береди.
Жеңилликти белгилеўде педагогтың жумыс стажы ямаса маманлық категориясы бойынша айрықша талаплар нәзерде тутылмаған. Яғный педагогтың тараўда неше жыл ислегенлиги, биринши ямаса жоқары маманлық категориясына ийе екенлиги сыяқлы нормалар усы шегирмеден пайдаланыў ушын айрықша шәрт сыпатында киргизилмеген.
Тийкарғы норма ата ямаса ананың белгиленген тәртипте педагог статусына ийе болыўы, перзентиниң болса қарарда көрсетилген шәртлер тийкарында мәмлекетлик ЖООда билим алып атырғанлығы болып есапланады. Усы жерде бир әҳмийетли тәрепти де айрықша атап өтиў керек, бул жеңиллик қосымша ямаса дифференциялластырылған (асырылған) контракт суммасына емес, базалық төлем-контракт муғдарына қолланылады.
Қарарға бола, жеңиллик тек ғана бакалавриаттың күндизги тәлим формасында билим алып атырғанларға қолланылады. Сыртқы, кешки ҳәм аралықтан билимлендириў түрлерине тийисли емес.
Шегирме жоқары әскерий ҳәм әскерийлестирилген билимлендириў шөлкемлеринде, Өзбекстанда жумыс алып барып атырған сырт ел жоқары билимлендириў шөлкемлери ҳәм олардың филиалларында, қосымша ҳәм дифференцияластырылған төлемли-контракт тийкарында, сырт елли бирге ислесиўши ЖООлардың қоспа билимлендириў бағдарламалары тийкарында ҳәм факультетлеринде, мәмлекетлик емес жоқары билимлендириў шөлкемлеринде билим алып атырғанларға да қолланылмайды.
Бул жеңиллик барлық жоқары билимлендириў шөлкемлерине ямаса барлық түрдеги контрактларға бирдей қолланылмайды. Қарарда жеңилликтиң әмел етиў шеңбери анық белгилеп қойылған.
Және бир әҳмийетли тәрепи - шегирманы алыў ушын өз алдына қағазпазлықты минималластырыўға қаратылған электрон тәртип енгизилген. Педагоглар шәртнама алыў ушын kontrakt.edu.uz системасы арқалы арза жибереди. Арзаны көрип шығыў процесинде арза бериўшиниң педагог перзенти екенлиги "Санлы ҳүкимет" системасының уйымлараралық интеграцияласыў платформасы арқалы тастыйықланыўы керек.
Арзалар жуўапкер шөлкем тәрепинен 2 жумыс күни даўамында көрип шығылады. Шегирме оқыў жылы ушын бир мәрте қолланылады.
Соның менен бирге, жеңиллик педагогтың жумыс орнына да белгили шеңберде әмел етеди. Яғный қарарда нәзерде тутылған педагог статусына ийе шахслардың перзентлери бул ҳуқықтан белгиленген шәртлер тийкарында пайдаланыўы мүмкин. Бул жерде тийкарғы итибар педагогтың лаўазымы ямаса стажына емес, оның педагог сыпатындағы ҳуқықый статусына қаратылады.
- Егер педагогтың перзенти жоқары билимлендириўде оқып атырған дәўирде оның әкеси ямаса анасы педагог категориясынан шығарылса, шегирме кейинги оқыў жылынан баслап қолланылмайды, - дейди Н.Абдуқундузова. - Яғный педагог статусы жеңилликти сақлап қалыўдың әҳмийетли шәрти болып есапланады.
Бул жеңиллик билимлендириўдиң қайсы буўында мийнет етип атырғанына қарамастан, белгиленген талапларға жуўап беретуғын педагогларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған. Яғный мектепке шекемги билимлендириў, улыўма орта билимлендириў, кәсиплик билимлендириў ҳәм басқа да билимлендириў шөлкемлеринде жумыс алып барып атырған педагоглар ушын тийкарғы норма бирдей - педагог статусына ийе болыў.
Жоқары билим алыў ҳәр бир шаңарақ ушын үлкен мақсет, соның менен бирге, белгили бир финанслық жуўапкершилик болып есапланады. Әсиресе, бир шаңарақта бир неше перзент студент болса, контракт төлемлери шаңарақ бюджетине сезилерли жүк болыўы мүмкин. Усы көзқарастан, 30 процентлик шегирме педагоглар ушын сезилерли финанслық жеңиллик жаратыўы күтилмекте.
Бул жеңилликтиң және бир әҳмийетли тәрепи - мәмлекет педагогтың мийнетин оның шаңарағы менен байланыслы социаллық мүтәжликлер арқалы да қәдирлейтуғынын көрсетеди. Педагог жас әўладқа билим береди, басқалардың перзентлери келешеги ушын жуўапкершиликти өз мойнына алады. Оның өз перзентиниң билим алыўында да мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатланыўы мине усы мийнетке болған итибардың әмелий көриниси болып есапланады.
Педагог ушын материаллық қоллап-қуўатлаўдың өзи де әҳмийетли. Бирақ инсан мийнетиниң қәдирленип атырғанын сезиўи, шаңарағы ҳәм перзентлериниң мәплери де итибарда екенин көриўи үлкен руўхый әҳмийетке ийе.
Рисолат МАДИЕВА,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы