Гренландия муз қалқанын Арқа Муз океаны менен байланыстырып турыўшы
Петерман музлығынан үлкен муз бөлеги ажыралып шыққан. Илимпазлар бул қубылысты
бир неше жыллар даўамында күткен еди, себеби 2019-жылдан баслап муз тилиниң
турақсызлығын көрсететуғын жарықлардың пайда болыўы ҳәм әсте-ақырын кеңейиўин
бақлаған еди.
Спутниктен алынған сүўретлер ақырғы ажыралыў 3-августта жүз бергенин
тастыйықлады. Изертлеўшилер бул процесс даўам етиўи мүмкин екенлигин айтпақта.
Олардың есап-санақларына бола, жақын ўақыт ишинде музлық тилинен және кеминде
еки ири бөлек ажыралып шығыўы мүмкин.
Жаңа дүзилис
айсберглердиң муз атаўлары деп аталатуғын сийрек ушырасатуғын түрине киреди.
Олар үлкен майданы ҳәм салыстырмалы тегис жоқары бети менен ажыралып турады ҳәм
шелф музлықларының бөлеклери ҳәм жүзип жүриўши муз тиллериниң сыныўы
нәтийжесинде қәлиплеседи.
Бундай муз атаўлары
Гренландияның арқа-батысында, сондай-ақ, Канаданың Элсмир атаўы жанында
ушырасады. Олар ажыратылғаннан кейин жыллар даўамында океанда жылжып жүриўи
мүмкин, әсте-ақырын жемирилип, майда бөлеклерге бөлинип кетеди, деп жазбақта “korrespondent.net”.