Тийкарғы мақсет — Өзбекстанда халықаралық стандартларға жуўап беретуғын қәнигелерди таярлаў ҳәм олар ушын еки мәмлекет мийнет базарына жол ашыў.

Бул қалай ислейди?

1. ТАЯРЛЫҚ — ӨЗБЕКСТАНДА. Корея стандартлары тийкарында кәсип, тил ҳәм мийнет қәўипсизлигине оқытыў системасын жолға қойыў.

2. ӘМЕЛИЯТ — ХАЛЫҚАРАЛЫҚ ЖОЙБАРЛАРДА. Таярланған қәнигелер “BOMI” компаниясының Өзбекстандағы қурылыс объектлеринде ислеп, заманагөй технологиялар ҳәм халықаралық жумыс стандартларын әмелде өзлестириўи мүмкин.

КЕЙИНГИ БАСҚЫШ — КОРЕЯ МИЙНЕТ БАЗАРЫ. Өзбекстанда кәсиплик тәжирийбе топлаған, жоқары маманлыққа ийе қәнигелер ушын кейин ала Кореяда жумыс ислеў имканиятларын жаратыў режелестирилмекте.

Бирге ислесиўдиң дәслепки әмелий бағдарларынан бири — Үргенш халықаралық аэропортын реконструкциялаў жойбары.

Компания мағлыўматына бола, бул жойбар ушын 1 500 ге шамалас хызметкер талап етиледи. Усы мақсетте Үргенште оқыў-өндирислик майданшасын шөлкемлестириў мәселеси додаланды.

Ушырасыў жуўмағында өз-ара түсинисиў меморандумына қол қойылды.