Статистикалық санлар жаңаланып турыў қәсийетине ийе ҳәм киши өзгерис те әдетте адамлардың итибарын тартады. Усы жылдың басында елимиз бойлап өткерилген халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў улыўма миллий илажы болса елимиз турмысындағы ең әҳмийетли ҳәм тарийхый процесслерден бирине айланғаны елеге шекем көпшиликтиң ядында. Ўатанласларымыз ғәрезсиз Өзбекстан тарийхында биринши мәрте өткерилген бул дизимге алыў процесинде белсене қатнасыўы менен бирге жәрияланып барылып атырған нәтийжелердиң турақлы бақлаўшысына да айланды.

Дизимнен өтиўдиң дәслепки нәтийжелери усы жылдың июнь айында жәрияланған еди. Сол ўақыттың өзинде айырым статистикалық санларда сезилерли өзгерислер бақланды. Әсиресе, көпшиликтиң итибарын тартқан тәрепи мәмлекетимиздиң турақлы халқының саны менен байланыслы — 39 миллион 047 мыңнан асламды қурады. Бул алдынғы есаптан 810,6 мың адам ямаса 2,1 процентке көп екени анықланған. Парық халық санын туўылыў, өлим ҳәм миграция бойынша ҳәкимшилик мағлыўматлар тийкарында жүргизилген ағымдағы есапты жалпы дизимге алыў нәтийжелери менен анықластырыў арқалы жүзеге келген. Қәнигелердиң айтыўынша, бул тийкарында жүдә үлкен айырмашылық емес, әсиресе, елимизде оннан алдыңғы дизимге алыў илажы буннан 37 жыл бурын болғанын есапқа алсақ. Айырым сырт мәмлекетлердиң тәжирийбесинде он жыллық аралықта да санлардағы айырмашылық 4-5 проценттен артып кеткени бақланған.

Бирақ гәп айырмашылықтың үлкен ямаса кишилигинде емес. Статистикада ҳәр бир сан анық ҳәм исенимли болыўы керек. Елимиз статистика тараўында соңғы он жылда үлкен реформалар әмелге асырылып, система түп-тийкарынан жаңаланғаны соның ушын. Мақсет мәмлекетимизге байланыслы ҳәр бир статистикалық мағлыўматтың дурыслығын, исенимлилигин тәмийинлеў ҳәм оларды адамларға жеткериў формаларын қолайластырыўға қаратылған. Халық ҳәм аўыл хожалығын улыўма миллий дизимге алыў илажы болса, мине, усы реформалардың нәтийжесин халықаралық көлемде де айқын көрсетти.

Күни кеше халық ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыўдың жуўмақлаўшы нәтийжелери жәрияланды. Онда көрсеткишлердиң саны ҳәм дәрежеси және де кеңейтилип, айырым санлар район дәрежесине шекем түсирилгенин көриў мүмкин. Айырым санларда өзгерислер айқын көзге тасланады. Мәселен, 2025-жыл ушын мәмлекетимиз жалпы ишки өниминиң ҳәзирги баҳалардағы көлеми 1 849,7 триллион сумнан 2 126,8 триллион сумға қайта баҳаланған. Әпиўайы етип түсиндиретуғын болсақ, алдынғы ҳәм ҳәзирги санлар арасындағы айырмашылық 15,0 процентти қурамақта. Бул мәмлекет экономикасындағы тийкарғы көрсеткишлер ушын киши парық емес. Бирақ гәп қаяқтандур қосылып қалған санларда емес, ал барларын және де анықластырыўда.

- Номинал ЖИӨниң 15,0 процентке қайта баҳаланыўы 2025-жылы қосымша 15,0 процент реал экономикалық өсиў жүз бергенин аңлатпайды,-дейди Миллий статистика комитети баслығының орынбасары Зоҳиджон Зияев. - Жаңаланған қатарда 2025-жыл ушын реал өсиў пәти 7,8 процентти қурады ҳәм алдынғы баҳалаўда ол 7,7 процент еди. Парық 0,1 процент пунктке тең. Нәтийжеде 2025-жыл ушын аўыл, тоғай ҳәм балықшылық хожалығының өндирис көлеми 623,5 триллион сумға қайта есапланып, алдынғы баҳаға салыстырғанда 84,6 триллион сум ямаса 15,7 процентке жоқары болды.

Гәп сонда, Миллий статистика комитети халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў нәтийжелери, кәрхана ҳәм шөлкемлер бойынша жаңаланған жыллық есабатлар және жетилистирилген статистикалық бақлаўлар тийкарында 2017 - 2025-жыллар ушын жалпы ишки өнимниң жыллық ҳәм шереклик көрсеткишлерин қайта есаплады. Қайта есаплаўдан мақсет экономикалық жумысты толығырақ қамтып алыў, жаңа мағлыўматларды миллий есапларға киргизиў ҳәм жыллар бойынша көрсеткишлердиң салыстырмалылығын тәмийинлеўден ибарат. Сол себепли, жаңаланған нәтийжелер бир жылда қосымша халық, турақ жай ямаса өним пайда болғанын емес, ал алдынғы баҳалардың жаңа ҳәм толық мағлыўматлар тийкарында анықланғанын аңлатады. Есап-санақлар болса БМШтың Миллий есаплар системасы стандартлары ҳәм халықаралық экспертлердиң усыныслары тийкарында әмелге асырылды.

Әҳмийетлиси, мағлыўматларды жыйнаў, қайта ислеў ҳәм жәриялаўда ең заманагөй технологиялардан пайдаланылмақта. Ҳәттеки, дизимге алыў даўамында жасалма интеллект ҳәм геокосмослық технологияларды қолланыў бойынша үлкен тәжирийбеге ийе болдық. Тийкарғы мақсет жәрияланып атырған статистикалық мағлыўматлардың анықлығы, исенимлилиги ҳәм оларды пайдаланыўшыларға жеткериў формасы және ашықлығын арттырыўға қаратылған.

Еркеклер саны ҳаялларға қарағанда көбирек

Халқымызда теректи бир тепсең қыз жаўады, деген ҳәзил гәп бар. Бул көбинесе елимизде туўылыў бойынша қызлар көрсеткиши жоқары екени, жәмийетте ҳаял-қызлардың саны көбирек екенине ишара сыпатында айтылады. Бирақ улыўма миллий дизимге алыў нәтийжелеринен соң жәрияланған статистикалық санлар бундай екенин көрсетпей атыр. Соңғы мағлыўматларға бола, мәмлекетимиз халқының 50,6 процентин еркеклер, 49,4 процентин ҳаял-қызлар қурамақта. Бул киши парық пенен болса да еркеклер саны ҳаялларға қарағанда көбирек екенин көрсетеди.

Басқа мағлыўматлар да бираз қызық. Мәселен, ўатанласларымыздың 54,5 проценти қалаларда, 45,5 проценти аўыллық жерлерде жасайды. Улыўма халық арасында мийнетке жарамлы жастағылардың үлеси 55,7 процентти, мийнетке жарамлы жастан кишилер 32,0 процентти ҳәм мийнетке жарамлы жастан үлкенлер 12,3 процентти қурамақта. Елимизде жасап атырған 15 жас ҳәм оннан үлкен халықтың 90,7 проценти кеминде улыўма орта мағлыўматқа ийе.

Жалпы дизимге алыў арқалы усындай бир қатар бағдарларда анық санлар қәлиплестирилди. Итибарлы тәрепи, улыўма миллий илажда тек ғана халық емес, ал Өзбекстанда биринши мәрте жалпы аўыл хожалығы да дизимге алынды. Нәтийжелер жуўмақларына бола, 7,6 миллион аўыл хожалығына байланыслы есапқа алыў бирлиги дизимге алынған. 2025-жылы олардың пайдаланыўдағы улыўма жер майданы 42,5 миллион гектарды, бир жыллық егинлер егилген майдан 4 213,5 мың гектарды, мийўели бағлар ҳәм жүзим атызларының майданы болса 613 мың гектарды қурады. Жаңаланған мағлыўматлар жер ҳәм егислик майданлары, шарўашылық, тоғай ҳәм балықшылық жумысын толығырақ баҳалаў имканиятын бергени айтылмақта.

Бирақ булар әпиўайы санлар емес. Статистикалық көрсеткишлер тиккелей халықтың турмыс тәризине тәсир көрсетеди. Әпиўайы мысал, дизим мәмлекет халқының демографиялық өзгешеликлери, социаллық-экономикалық жағдайы ҳәм турмыс тәризи ҳаққында исенимли ҳәм кең көлемли мағлыўматларды қәлиплестирип, мәмлекеттиң белгили бир ўақыттағы демографиялық, социаллық ҳәм экономикалық көринисин сәўлелендиреди. Аймақларды раўажландырыў, инфраструктураны режелестириў, азық-аўқат қәўипсизлигин баҳалаў ҳәм мәнзилли бағдарламаларды қәлиплестириўге хызмет етеди. Мәселен, қайсы аймақта халық санына салыстырғанда билимлендириў мәкемесиниң қамтып алыўы төмен, қай жерде социаллық тараў объектлери, дем алыў орынлары зәрүр, қайсы аймақларда бос жумыс орынларына талап көбирек сыяқлы мәселелерде анықланған статистикалық көрсеткишлер пайда береди.

Әҳмийетлиси, бул процессте халықтың өзи белсенди қатнасыўшыға айланды. Жуўапкерлердиң атап өтиўинше, дизимге алыў процесинде "өзин-өзи белгилеў принципи"не әмел етилди. Халықаралық әмелиятқа муўапық, мағлыўматлар тастыйықлаўшы ҳүжжетлер талап етилмеген ҳалда, респондентлердиң өзлери усынған жуўаплар тийкарында атап өтилди. Онда пуқаралығы, турақлы дизимнен өткенлиги, турақ жайға ийе екенлиги ямаса белгили бир жасаў орнына ийе емес екенлигине қарамастан, дизимге алыў нормаларына жуўап беретуғын халық қамтып алынған.

Елимиз халқының 82,3 проценти онлайн дизимнен өткени болса ҒМДА мәмлекетлери арасында өзине тән рекорд нәтийже сыпатында атап өтилди. Бул процесс толық санластырылғаны, қалаберди, адамлардың илажға үлкен қызығыўшылық билдиргени менен байланыслы. Қалайда, бул көрсеткиш дизимге алыў қәрежетлерин бираз қысқартып, мағлыўматларды топлаў тезлигин арттырыў, сапасын тәмийинлеўге хызмет етти.

- Өзбекстанда 1979 ҳәм 1989-жылларда өткерилген халықты дизимге алыў илажларында жеке өзим қатнасқанман, — дейди Ташкент мәмлекетлик экономика университетинде 53 жылдан берли статистика пәнинен сабақ берип киятырған Аббос Набихўжаев. - Соның ушын ба, дизимге алыў процесслерин көбирек қәниге сыпатында бақладым. Әлбетте, ўақыт жағынан қарағанда, процесслердеги айырмашылық жүдә үлкен. Бирақ бир нәрсени айрықша атап өтиў керек, бул рет өткерилген улыўма миллий дизимге алыў илажы ҳақыйқатында да оғада кең көлемли, тарийхый ўақыя болды. Ҳәмме нәрсе толық санластырылған, ҳәттеки, қәўипсизлик мәселелерине де үлкен итибар қаратылған. Бурын қағазпазлық көп болатуғын еди. Бланкаларды көтерип, үйме-үй жүрип, мағлыўматларды жазып алғанбыз. Оның ушын жүзлеген адамлар тартылған, дизимге алыў жумысларында оқытыўшылар, студентлер қатнасқан. Топланған мағлыўматлар жазыў машинкасында бирме-бир қолда терип киргизилген. Қулласы, жүдә үлкен ўақыт, ресурс, қәрежет жумсалған. Ҳәзир қараң, адамлардың 82,3 проценти электрон тәризде өзин-өзи дизимге алғаны айтылмақта. Шаңарақларға барған ўәкиллердиң қолында да заманагөй планшетлер болды. Булардың барлығы, бәринен бурын, процесске ең алдынғы технологиялар тартылғаны, қалаберди, үлкен қаржы үнемленгенин көрсетеди.

Баҳалар статистикасы бойынша платформа иске түсирилди

Солай етип, елимизде өткерилген халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыўдың жуўмақлаўшы нәтийжелери жәрияланды. Хош, буны адамлар қалай көриўи ҳәм мағлыўматлардан ашық пайдаланыўы мүмкин?

- Халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыўдың жуўмақлаўшы нәтийжелери ушын Миллий статистика комитетиниң рәсмий мәлимлеме ресурсларында арнаўлы веб-бет иске қосылды, — дейди комитет баслығының орынбасары Зоҳиджон Зияев. - Бетте халықтың саны ҳәм қурамы, жас топарлары, шаңарақлық жағдай, миллий қурам ҳәм тиллер, билимлендириў дәрежеси және аўыл хожалығына байланыслы тийкарғы нәтийжелер интерактив түрде усынылған. Пайдаланыўшылар веб-бет арқалы тийкарғы көрсеткишлерди инфографика ҳәм диаграммаларда көриў, аймақлар, район ҳәм қалалар мағлыўматларын интерактив карта арқалы салыстырыў, керекли мағлыўматларды излеў ҳәм фильтрлер жәрдеминде таңлап алыў, статистикалық кестелерди жүклеп алыў имканиятына ийе. Қолайлылық ушын кестелер XLSX ҳәм CSV форматларында усыныс етилген. Веб-бет өзбек (латын ҳәм кирилл), рус ҳәм инглис тиллеринде пайдаланыў ушын бейимлестирилген.

Статистикалық санлар ҳәр қыйлы бағдарларда жаңа жойбарларға да тийкар болмақта. Атап айтқанда, Миллий статистика комитети тәрепинен баҳалар бойынша narx.stat.uz ашық мағлыўматлар платформасы да иске қосылды. Енди баҳа бойынша барлық мағлыўматларды әйне усы порталда табыў мүмкин. Онда тутыныў ҳәм ислеп шығарыўшылар баҳаларының индекслери, азық-аўқат өнимлери ҳәм жанылғының аймақлар және районлар кесиминдеги орташа баҳалары, сондай-ақ, инфляция ҳәм тутыныў қәрежетлериниң калькуляторлары усынылады. Орташа баҳалар болса ҳәптелик, айлық, шереклик индекслерде жаңаланып барылады. Ашық мағлыўматлардан пайдаланыў қыйын болмайды, оларды қәлеген адам CSV ҳәм JSON форматларында жүклеп алыўы ямаса API арқалы дизимнен өтпестен алыўы мүмкин.

Бул еле ҳәммеси емес. Миллий статистика комитети тәрепинен 2021-2026-жылларға байланыслы 46 микро мағлыўматлар топламы да таярланған. Мағлыўматлар жекелик ҳәм мәлимлеме қәўипсизлиги талапларына муўапық ийесизлендирилген. Социаллық тараў, санаат ҳәм энергетика, исбилерменлик, аўыл хожалығы ҳәм саўда бағдарларын қамтып алған дәслепки 10 топлам Комитеттиң рәсмий сайтында пайдаланыўшыларға усынылмақта.

Бундай түрдеги мағлыўматлар изертлеўшилер ҳәм аналитиклерге социаллық-экономикалық процесслерди терең үйрениў ҳәм илимий тийкарланған усыныслар ислеп шығыў имканиятын береди. Улыўма мәнисте болса, адамлардың статистикалық мағлыўматлардан ашық пайдаланыў имканиятларын арттырып, барлық тараўларда қолланылатуғын санлардың анықлығын тәмийинлейди.

Солай етип, елимизде өткерилген халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў нәтийжелери көплеген санларды жаңалады ҳәм енди статистикалық көрсеткишлерди алыўда олардан пайдаланыўымыз мүмкин. Бирақ бул турақлы көрсеткишлер емес. Халықтың саны, жасаў тәризи ҳәм экономикалық өсиў процесслери менен бирге, санлар да өзгерип барыўы тәбийғый. Бул өзгерислер рәсмий электрон платформаларда автомат түрде жазып барылады.

Ирода ТОШМАТОВА,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы