Жетекшилер Анкара қаласындағы "Бештепе" комплексинде Түркий мәмлекетлер цивилизация паркин ашқан еди.
Бағда түркий мәмлекетлердиң павильонлары, дәстүрий отаўлар, миллий экспозициялар, әмелий көркем өнер үлгилери орын алған. Оларда түркий халықлардың бай тарийхый-мәдений ҳәм архитектуралық мийрасы, илим-ағартыўшылық тараўындағы жетискенликлери, дәстүрлердиң өзине тәнлиги ҳәм заманагөй раўажланыў өз көринисин тапқан.
Мәмлекет басшылары түркий жазыў естелиги болған әйемги Орхун жазыўларының репродукциясы менен танысты. Усы жерде миллий ойынлар көрсетилди, тарийхый кийимлердеги оқ жайшылар ҳәм жаўынгерлер шығып сөйледи. Буннан кейин жетекшилер емен нәллерин отырғызды.
Бундай басламалар тарийхый естелик ҳәм мәдений мийрасты қәстерлеп сақлаў, әўладлар даўамлылығын тәмийинлеў, уқсас руўхый қәдириятлар ҳәм дәстүрлер менен бирлескен халықлар арасындағы туўысқанлық байланысларын және де беккемлеўде үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди.
Буннан соң жетекшилер 1071-жыл 26-августтағы түркий халықлар тарийхында әҳмийетли орын ийелеген Манцикерт саўашына байланыслы Малазгирт орайына барды.
Жоқары мәртебели мийманлар шөлкемге ағза мәмлекетлердиң атлы спортшылары, акробат ҳәм каскадёрлары, атлары қатнасқан дәстаный тамашаны тамашалады.