Өзбекстанның Италиядағы елшиханасының мағлыўматына бола, Халықаралық бийдай конгрессиниң Халықаралық шөлкемлестириў комитети бул абырайлы форумның 2030-жылы Самарқанд қаласында өткерилетуғынын рәсмий түрде тастыйықлады.
Халықаралық бийдай конгресси дүнья илимий жәмийетшилигиниң ең әҳмийетли илажларынан бири болып есапланып, онда жетекши қәнигелер, илимпазлар, мәмлекетлик уйымлар ҳәм тараў ўәкиллери бийдай селекциясы, генетикасы, геномикасы ҳәм агрономиясы тараўындағы соңғы жетискенликлерди додалайды. Ҳәр еки жылда бир мәрте өткерилетуғын бул әнжуманның соңғы илажларында 800-900 делегат қатнасқан болса, Самарқандтағы конгресс қатнасыўшыларының саны мың адамнан артыўы күтилмекте.
Быйыл май айында Өзбекстан Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм мәмлекетимиздиң Италиядағы елшиханасы шөлкемлестириўшилерге Самарқанд қаласында VI Халықаралық бийдай конгрессин өткериў бойынша рәсмий усыныс киргизген еди. Бул ҳуқық ушын Өзбекстан менен бирге Аргентина, Греция, Марокко, Непал, Франция, Түркия ҳәм Эфиопия сыяқлы мәмлекетлер де даўагерлик еткен.
Абырайлы әнжуманның Самарқандта өткерилиўи толық қоллап-қуўатланыўына Өзбекстан ҳәм Орайлық Азияда бийдай жетистириўдиң стратегиялық әҳмийети, мәмлекетимизде ғәллешилик тараўындағы илимий изертлеўлерге қаратылып атырған жоқары итибар, сондай-ақ, халықаралық көлемдеги илажларды жоқары дәрежеде шөлкемлестириў ушын зәрүр болған заманагөй ҳәм сапалы инфраструктураның бар екенлиги тийкарғы фактор болды.