Есап бериў дәўиринде Ташкент елимиз аймақлары арасында Өзбекстанның жалпы
ишки өнимин (ЖИӨ) қәлиплестириўге ең үлкен үлес қосқан қала болды. Пайтахтымыздың
үлеси 21,1 процентти қурады.
Ташкент қаласының жалпы өндирислик өниминиң қурамында ең үлкен үлес
хызмет көрсетиў тараўына туўра келеди - 67,9%. Бул республика аймақлары
арасындағы ең жоқары көрсеткиш болып есапланады.
Пайтахттың экономикалық хызметтиң тийкарғы түрлери бойынша ЖИӨ дүзилиси
төмендегише:
Хызмет көрсетиў тараўы - 67,9%;
санаат - 20,1%;
қурылыс - 12,0%.