Сапар етиў шеңберинде делегация жерлердиң деградациясы ҳәм шөллениўине қарсы гүресиў, қурғақ аймақларды тиклеў, тоғай-мелиорация ҳәм жайлаўлардан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша Россия тәжирийбеси менен танысты. Өз гезегинде, Өзбекстанның Аралбойы аймағында әмелге асырып атырған жумыслары халықаралық жәмийечиликке таныстырылды.
Буннан тысқары, Россия Федерациясы ўәкиллери ҳәм БМШтың Шөллениўге қарсы гүресиў конвенциясы (UNCCD) Секретариатының басшылары менен ушырасыўлар өткерилди.
Сөйлесиўлер ўақтында COP31 шеңберинде Өзбекстан Миллий павильонында арнаўлы илаж шөлкемлестириў, тоғай-мелиорация жумысларын алып барыў ушын туқым жеткерип бериў, жаслардың қатнасыўында қоспа экологиялық басламаларды әмелге асырыў мәселелери додаланды.
Сапар етиўдиң әҳмийетли нәтийжелеринен бири Қалмақ мәмлекетлик агромелиорация илимий-изертлеў институты ҳәм Шөллениўге қарсы гүресиў ҳәм шөл экономикасын раўажландырыў илимий-изертлеў институты арасында бирге ислесиў ҳаққындағы меморандумға қол қойылғаны болды.
Сапар етиўдиң жуўмақлары бойынша Өзбекстанда агроэкологияны раўажландырыў, жер, суў, жайлаў, тоғай ҳәм шарўашылық ресурсларын басқарыўдағы қатнасларды интеграциялаў, экологиялық-экономикалық баҳалаўдың илимий тийкарланған системасын енгизиў, сондай-ақ, Аралбойында комплексли тәжирийбе жойбарын әмелге асырыў бойынша усыныслар ислеп шығылды.