Өзбекстанның арқа-батыс районлары бойынша август айының соңғы күнлеринде салқын ҳаўа кирип келиўи басланады ҳәм 31-августқа келип күндизги температура 25-30 дәрежеге шекем төменлейди.

"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, 1-сентябрь күни салқын ҳаўа массасы Өзбекстанның барлық аймақларына тарқалады, ҳаўа температурасы 3-5 дәрежеге төменлейди.

Бул күнлери қурғақ ҳаўа-райы болыўы күтилмекте. Тек ғана Қарақалпақстанның арқа бөлиминде бүгин ҳәм ертең аз ўақытлы жаўын жаўып, гүлдирмама болыўы мүмкин.

Республика бойынша айырым жерлерде самалдың тезлиги 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде 20-22 м/с қа шекем күшейиўи, шаң-тозаң менен жаўыўы күтиледи.

Ташкентте: ҳаўа алағат бултласып турады, жаўын-шашын болмайды.

Ҳаўаның температурасы күндизги ўақытлары 28-30-августта 35-38 градус, 31-августта 34-36 градус, 1-сентябрьде 30-32 градус болады. Самалдың бағыты шығыстан өзгерип, арқа-батыстан 3-8 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 10-12 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы мүмкин.