Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң басында қатнасыўшыларды Өзбек тили байрамы менен қутлықлады. Қашқадәрьялы, Өзбекстан Қаҳарманы, мәмлекетлик гимнимиздиң авторы Абдулла Ариповтың ана тилимизди раўажландырыўға қосқан үлеси айрықша атап өтилди.

- Күни кеше ўәлаяттағы қала, район ҳәм мәҳәллелердеги өзгерислерди, исбилерменлер, инвесторлар ҳәм жаслардың көзқарасындағы күш-ғайратты көрип, жүрегим толқынланды, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Буннан бир неше жыл бурын Қашқадәрья социаллық-экономикалық жағдайы ең аўыр аймақлар қатарына киретуғын еди. Енди жылдың ақырына шекем ўәлаятты кәмбағаллық ҳәм жумыссызлықтан қутқарыў мақсет етип қойылды. Усы жылдың тоғыз айында санаат, хызмет көрсетиў ҳәм аўыл хожалығы тараўларында өсим бақланған. Соның менен бирге, нәтийжелер регионның ресурсларға байлығы ҳәм инсан потенциалын еле толық сәўлелендирмей атыр.

Экономиканың турақлы өсиўин тәмийинлеў ушын ўәлаятта жоқары қосымша қунлы таяр өнимлерди көбирек ислеп шығарыўды жолға қойыў керек. Регионымыздың газ ҳәм қазылма байлықлары, энергия ресурслары усы мақсет жолында ислеўи керек. "GTL" заводындағы жаңа жойбарлар, нафтадан полимер ҳәм нефть-химия өнимлерин ислеп шығарыў, Дийқанабад калий заводының қуўатлылықларын кеңейтиў ҳәм киши тоннажлы химияны раўажландырыў имканиятлары көрип шығылды. Жуўапкерлерге 50 мың жумыс орнын жаратыў бойынша улыўма баҳасы 20 миллиард долларлық жойбарлардың үш жыллық бағдарламасын таярлаў ўазыйпасы қойылды.

Ири кәрханалар әтирапында жергиликли өндиристи де раўажландырыў керек. Оның ушын ўәлаятта 6 санаат кластери, сондай-ақ, "Қашқадәрья" еркин экономикалық зонасының филиаллары шөлкемлестириледи. Олардың инфраструктурасын раўажландырыў ушын дәслеп 250 миллиард сум қаратылады. Сондай-ақ, заманагөй трактор ҳәм басқа да аўыл хожалығы техникаларын ислеп шығарыўды локализациялаў, агродронлар ислеп шығарыў режелестирилген.

Санаат жойбарларын әмелге асырыў ушын исенимли энергия тәмийнаты зәрүр. Келеси жылы ўәлаятта 300 мегаваттлы қуяш электр станциясы ҳәм "Masdar" компаниясының энергия сақлаў системасын иске қосыў режелестирилген. Қаршы районында шығындыдан электр энергиясын ислеп шығарыў жойбары жуўмақланбақта.

Тутыныўшыларға электр энергиясын жеткерип бериў ушын Нишон ҳәм Көкдала районларында ири подстанциялар қурыў, 245 километр узынлықтағы Талимаржан – Согдиана электр узатыў тармағының қурылысын жуўмақлаў бойынша тапсырмалар берилди.

Халықтың дәраматын арттырыў ушын аўыл хожалығында да үлкен имканиятлар бар. Тек ғана усы тараў арқалы қосымша 200 мың халықты дәрамат пенен тәмийинлеў мүмкин. Жәҳән банки қатнасыўында Египет тәжирийбеси бойынша 8 районда 100 мың гектар жайлаўда дронлар жәрдеминде қурғақшылыққа шыдамлы от-жем егинлерин егиў ҳәм шарўашылық комплекслерин шөлкемлестириў режелестирилген. Ғузор районында 10 мың гектар жер пайдаланыўға киргизилип, дийқанларға бериледи. Космослық мағлыўматлар тийкарында анықланған және 30 мың гектарды өзлестириў ушын Египет қәнигелери тартылады.

Жерден пайдаланыўдың кеңейиўи суў тәмийнатын жақсылаўды талап етеди. Ўәлаяттың егислик майданларына суў жеткерип бериў қымбатқа түсетуғыны себепли келеси жылы 265 километр каналларды бетонлаў, 20 насосты жаңалаў режелестирилген. Фермерлер менен бирге 75 мың гектарда суўды үнемлейтуғын технологиялар енгизиледи. Усы жылы әмелге асырылған киши суў бассейнлерин жаратыў тәжирийбеси және бес районда енгизиледи.

Халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў мәселелерине де айрықша тоқтап өтилди. Ажыратылған қаржылар есабынан 747 километр ишимлик ҳәм ақаба суў тармақлары және 43 имараттың қурылысы жуўмақланып, 200 мың халық суў менен тәмийинленеди. "Гиссарак" суў сақлағышынан Қаршы қаласы ҳәм оған тутас аймақларға суў тармағының тартылыўы және 350 мың халықтың суў тәмийнатын жақсылайды. Талимаржан – Мүбәрек системасы реконструкцияланып, бес райондағы 700 мың халықтың суў тәмийнаты жақсыланады.

Транспорт қатнаўларын жақсылаў мақсетинде Азия раўажланыў банкиниң қатнасыўында А-380 автомобиль жолының ўәлаят аймағынан өткен 100 километр бөлеги реконструкцияланбақта. Қаршыны айланба жолы усы магистральға жалғанады. Поездлардың өтиўи ўақтында тығылыс пайда болатуғын еки темир жол кесилиспесинде заманагөй жол өткеллери қурылады.

Ири жойбарлардың нәтийжесин ҳәр бир мәҳәлледе сезиў керек екенлиги атап өтилди. Атап айтқанда, Қамашы районының Чим мәҳәллесинде мектеп, бақша, поликлиника, жаслар орайы, спорт комплекси ҳәм дем алыў бағы қурылды. Ең әҳмийетлиси, бул жерде енди кәмбағал шаңарақлар ҳәм жумыссызлар жоқ. Келеси Ғәрезсизлик күнине шекем усы үлгидеги ҳәр бир районда екеўден заманагөй мәҳәлле орайы шөлкемлестириледи. Миришкор районында лимоншылық, балықшылық ҳәм бағшылық раўажландырылады, ижараға алынған жерлерде жоқары дәраматлы егинлер жетистириў кеңейтиледи.

Бундай басламаларды қоллап-қуўатлаў банклердиң және де нәтийжели жумысын талап етеди. Олардың жумысына қаржы алған кәрханалардың саны ҳәм бизнестиң өсиўине қарап баҳа бериледи. Кредит бериўде ақша ағымы ҳәм анық буйыртпаларды есапқа алыў, исбилерменлерден артықша ҳүжжетлер талап етиўден ўаз кешиў бойынша көрсетпелер берилди.

Туризмниң раўажланыўы да жаңа жумыс орынларын жаратыўы мүмкин. Жылдың басынан берли Қашқадәрья ўәлаятына 2,5 миллион, соның ишинде, 500 мың турист Гелон аўылына келген. Бул жерде таў-лыжасы курортының биринши басқышын иске қосыў режелестирилген. Басқа таў аўылларында этнотуризм, Шаҳрисабз районында рафтинг ҳәм спорт туризми раўажландырылады. 6 аўыл ушын мастер-реже таярланып, улыўма баҳасы 50 миллион долларлық жойбарларды әмелге асырыў басланады.

Жаслар жумысқа жайласыў бойынша жаңа имканиятлардан пайдаланыўы ушын кәсиплик таярлықты күшейтиў зәрүр. Германияда тәжирийбе арттырған Қаршы қаласындағы алдыңғы кәсиплик шеберлик техникумының 32 шебери ўәлаяттағы 57 техникумдағы кәсиплеслерине сабақ бермекте. Бул техникумның оқыўшылары мектеп аттестаты менен бирге кәсиплик сертификат алады, Германия қәнигелери оларға шет тили ҳәм кәсиплик пәнлерден сабақ береди. Жуўапкерлерге техникумлар менен биргеликте оқыўшыларды кәсипке бағдарлаў бойынша анық система жаратыў ўазыйпасы қойылды.

Ўәлаят оқыўшыларының жетискенликлери де атап өтилди. Қаршы қаласындағы Президент мектеби «Cambridge» имтиханларында республикада ең жақсы нәтийжени көрсеткен болса, Абдулла Арипов атындағы дөретиўшилик мектеби "Заковат" турниринде жеңимпаз болды. Косонлы Муроджон Ҳалимов “SАТ” имтиханында максимал 1600 балл топлады. Келеси жылдан ҳәр бир райондағы бир мектепте анық пәнлер шет тилинде оқытылады. Сондай-ақ, барлық районларда робототехника дөгереклери ашылып, ҳәр жылы оқыўшылар арасында чемпионат өткериледи.

Ўәлаяттың раўажланыў перспективалары пуқта ойланған қала қурылысын талап етеди. Қаршы қаласы, Көкдала ҳәм Қаршы районлары тутасқан аймақта 500 мың халыққа мөлшерленген Жаңа Қаршы қаласы қурылады. Қаршы районында "Әййемги Насаф" экологиялық комплекси пайда болады. Бас реже абырайлы архитектуралық компаниялар қатнасыўында ислеп шығылады. Жаңа аймақлар "жасыл" ҳәм "ақыллы" қала принципи тийкарында қурылады.

Мәҳәллелерде нәл егиў ҳәм жасыл аймақларды кеңейтиў бойынша "Қашқадәрья тәжирийбеси" де енгизиледи. Ҳәр жылы Наўрыз байрамы алдынан "Ең жасыл мәҳәлле" таңлаўы өткериледи.

Мәжилис соңында ўәлаят ҳәм район ҳәкимлериниң мәлимлемелери тыңланды, белсендилер менен сөйлесиў болды.