Ушырасыў алдынан жоқары мәртебели мийманлар мәмлекетимиз жетекшисине Австрия Федерал Президенти Александр Ван дер Белленниң сәлеми ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

Еки мәмлекет арасындағы әмелий бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў мәселелери додаланды.

Ҳәр қыйлы дәрежедеги байланыслар избе-из раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Кейинги жылларда товар алмасыў 3 есеге артты. Қурылыс материаллары, таў туризми, денсаўлықты сақлаў, химия санааты, аўыл хожалығы, банк-қаржы ҳәм басқа да тармақлардағы кооперациялық жойбарлар жедел басқышта.

Ҳүкиметлераралық комиссия нәтийжели жумыс алып бармақта. Бул сапар шеңберинде биргеликтеги бизнес-форум табыслы өткерилди, мийнет миграциясы, дипломатиялық хызмет ҳәм салық тараўларында әҳмийетли келисимлерге қол қойылды.

Мәдений-ағартыўшылық алмасыўлар кеңеймекте.

Жоқары дәрежедеги системалы сөйлесиўди жолға қойыў, товар алмасыў көлемин арттырыў, тийкарғы бағдарларда қоспа жойбарларды алға қойыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Қәўипсизлик тараўындағы бирге ислесиўге тоқтап өтип, терроризм, адам саўдасы, наркотрафик ҳәм кибержынаятларға қарсы гүресиў бағдарында турақлы мәлимлеме алмасыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Тәреплер регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша да пикир алысты.