Мәмлекетимизде заманагөй жол инфраструктурасын раўажландырыў, транспорт қатнаўының тезлиги ҳәм қәўипсизлигин арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Төлемли автомобиль жолларын шөлкемлестириўдиң ҳуқықый тийкарлары быйыл 5-августта қабыл етилген жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасының "Автомобиль жоллары ҳаққында"ғы нызамында да өз көринисин тапқан. Онда айдаўшылар ушын альтернатив бийпул жолдың болыўы шәрт.

Үргенш аэропорты менен Хийўа қаласы арасында қурылған жаңа автомобиль жолы халық ҳәм туристлердиң қәўипсиз, тез ҳәм қолайлы ҳәрекетлениўин тәмийинлеўге хызмет етеди.

Жойбар шеңберинде 35 километр автомобиль жолы, 1 жер асты туннели, 8 жол өткели, 15 көпир ҳәм 106 суў өткериў объекти қурылды.

Ҳәзирги жолда Үргенштен Хийўаға жетип барыў 45-50 минутта болса, жаңа 4 қатарлы магистральда 15-17 минутқа шекем қысқарады.

Жол суткасына 30 мыңнан аслам транспортты өткериў қуўатлылығына ийе. Оның бойында халықаралық стандартларға сәйкес хызмет көрсетиў ҳәм сервис объектлерин шөлкемлестириў де нәзерде тутылған.

Транспорт ағымы ҳәм төлем системасын басқарыў жасалма интеллектке тийкарланған санлы шешимлер арқалы әмелге асырылады. Жеңил ҳәм жүк автомобильлери және автобуслар ушын автотранспорт қуралын тоқтатпастан, автоматикалық түрде электрон төлем алыў имканияты жаратылады.

Жол қапламасының жоқарғы қатламларында ыссы климатқа шыдамлы болған арнаўлы модификацияланған битум араласпасынан пайдаланылған. Жол қапламасының улыўма қалыңлығы 87 сантиметрди қурайды.

Жаңа магистраль Үргенш ҳәм Хийўа қалалары арасындағы қатнаўларды және де жеделлестириў ҳәм қолайлы етиў, ўәлаяттың транспорт инфраструктурасын жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет етеди.

Соның менен Президент Шавкат Мирзиёев Хорезмге сапарын жуўмақлап, Ташкентке жөнеп кетти.