Кейинги жылларда илимий изертлеўлердиң нәтийжелери ҳәм алдынғы тәжирийбелерди билимлендириў процесине енгизиў, экономиканың түрли тармақлары ушын заманагөй билим ҳәм көнликпелерге ийе маман кадрлар таярлаўға айрықша итибар қаратылмақта.

Автомобиль жоллары комитетиниң илимий-әмелий орайы әне усы мақсетте шөлкемлестирилген. Оның жумысы жол тараўында илимий изертлеўлерди раўажландырыў, заманагөй технологияларды енгизиў ҳәм жаңа әўлад инженерлерин таярлаўға қаратылған. Комплекстиң улыўма майданы 2,7 гектар. Бул жерде 80 турақлы жумыс орны жаратылған.

Орайдың оқыў полигонында автомобиль жолларының конструкциялары ҳәм тийкарғы элементлери тәбийғый өлшемде көрсетилген. Бул жерде қәнигелер ҳәм студентлер жол қапламасының қатламлары, жол белгилери, қәўипсизлик тосықлары, суў тарқатыў системалары, көпир ҳәм дренаж қубырларының дүзилиси ҳәм ўазыйпасын әмелиятта үйрениўи мүмкин.

Полигонда I-V техникалық категориядағы автомобиль жолларының геометриялық параметрлери ҳәм оларға сәйкес болған цемент-бетон, ыссы ҳәм суўық асфальт-бетон, шағыл тас ҳәм шебен қапламалары орын алған. Бул жерде жәми 75 түрдеги жол инфраструктурасы элементлери жәмленген.

Комплекс аймағында арнаўлы техникалар парки де шөлкемлестирилген. Оның қурамында жол қурылысы машиналары, жол қапламаларын диагностикалаў ушын көшпели лаборатория, жасалма интеллект тийкарында қадағалаў ҳәм өлшеў системалары орнатылған транспорт қураллары бар. Бул жерде заманагөй техниканың ислеў принциплери ҳәм оннан пайдаланыў усыллары үйрениледи.

Комплекс қурамындағы ситуациялық орай автомобиль жолларының техникалық жағдайы, транспорт ҳәрекети, ҳаўа-райы, қурылыс ҳәм оңлаў жумысларының барысы ҳаққындағы мағлыўматларды бирден-бир санлы системада жыйнаў ҳәм таллаўды тәмийинлейди.

Орай комитеттиң жети мәлимлеме системасы менен интеграцияланған. Бул жерде 42,4 мың километр автомобиль жолларының техникалық жағдайын RAMS системасы арқалы баҳалаў, жол қапламасын жасалма интеллект тийкарында таллаў, WIM системасы арқалы транспорт қуралларын тартыў, жол қурылысы техникаларының ҳәрекетин GPS -мониторинг етиў, төлемли жолларда төлемлерди онлайн қадағалаў имканиятлары жаратылған.

Ҳәзирги ўақытта орайдың 9 операторы Қамшық өткели арқалы өтетуғын халықаралық әҳмийетке ийе А-373 автомобиль жолының 100 километрлик бөлегин реал ўақыт режиминде мониторинг етип бармақта.

Ўәкилликли министрликлер ҳәм уйымлардың мәлимлеме системалары менен интеграцияласыў арқалы жоллардағы жағдайды автоматикалық таллаў, болыўы мүмкин болған қәўип-қәтерлерди алдыннан анықлаў ҳәм оператив ескертиў механизми жолға қойылды.

Қәнигелердиң қәнигелигин арттырыў ҳәм студентлердиң теориялық билимлерин беккемлеў мақсетинде илимий китапхана ҳәм интерактив оқытыў қураллары менен үскенеленген 3 оқыў ханасы шөлкемлестирилди.

Жол қурылысы материалларын изертлеў ҳәм сынақтан өткериўге мөлшерленген 3 заманагөй лаборатория жумыс баслады. Оларда асфальт-бетон, цемент-бетон, инерт материаллар ҳәм битумниң қәсийетлери үйрениледи. Ҳәзирги ўақытта бул жерде 15 илимпаз ҳәм 5 изертлеўши илимий жумыс пенен шуғылланбақта.

Президентимиз комплекс аймағында жайласқан "Ўақыт магистралы" музейиниң экспозициясы менен де танысты.

Бул жерде Өзбекстан жол хожалығының қәлиплесиў ҳәм раўажланыў тарийхына бағышланған 107 экспонат, сондай-ақ, ҳәр қыйлы дәўирлерде қолланылған қурылыс материаллары, технологиялары ҳәм сийрек ушырасатуғын инженерлик шешимлер көрсетилген.

Музейде өткен әсирдеги жол қурылысы техникаларының үлгилери де жәмленген. Интерактив экранлар арқалы мийманлар бул машиналардың тарийхы ҳәм ўазыйпасы ҳаққында үш тилде мағлыўмат алыўы мүмкин.

Мәмлекетимиз басшысы жол хожалығы тараўында маман инженер ҳәм қәнигелер таярлаў ушын орайдың имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў, илимий-изертлеўлерди тараўдың әмелий ўазыйпаларын шешиўге бағдарлаў, автомобиль жолларын қурыў сапасын ҳәм эксплуатация нәтийжелилигин арттырыўда заманагөй технологияларды кеңнен қолланыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Усы жерде автомобиль жоллары бойынша ири жойбарларды әмелге асырыўда қатнасып атырған сырт елли инвесторлар менен сөйлести.