Мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары қатарында халықтың саламатлығын сақлаў, медициналық хызметлердиң сапасын ҳәм қолайлылығын арттырыў мәселелери де бар. Усы мақсетте денсаўлықты сақлаў тараўына инвестициялар тартылып, жеке меншик секторды раўажландырыў қоллап-қуўатланбақта.

Бул заманагөй медицина орайы халыққа кең түрдеги талап жоқары болған медициналық хызметлерди усынады.

Орайдың қурылысына 30 миллион доллар инвестиция қаратылған. Жылына 150 мыңнан аслам халыққа хызмет көрсетиў қуўатлылығына ийе. 0,5 гектар майданды ийелеген мәкемеде жыллық хызмет көрсетиў көлемин 15 миллиард сумға жеткериў режелестирилген.

Мәмлекетимиз басшысына медицина орайының жумысы ҳаққында презентация өткерилди. Президентимиз хирургия, реанимация ҳәм емлеў бөлимлери және ситуациялық орайда жаратылған шараятларды көзден өткерди.

Жойбар шеңберинде 250 жаңа жумыс орны жаратылды. 10 нан аслам жоқары маманлықтағы қәнигелер сырт елде тәжирийбе арттырған, сырт елли шыпакерлер де жумыс алып бармақта.

Орай Уллы Британия, Италия ҳәм Германияның заманагөй медициналық үскенелери менен тәмийинленген. Атап айтқанда, бул жерге “Philips” компаниясының алдынғы медициналық технологиялары орнатылған.

Мәмлекетимиз басшысы орайды айырым бағдарлар бойынша таяныш медицина мәкемесине айландырыў әҳмийетли екенлигин атап өтти. Жуўапкерлерге бул жерде топланған алдынғы тәжирийбе тийкарында шыпакерлердиң маманлығын арттырыўды шөлкемлестириў, халықты заманагөй медициналық хызметлер менен қамтып алыўды кеңейтиў бойынша тапсырмалар берилди.

Сондай-ақ, медицина орайы жәмәәти менен сөйлесиў болды. Тараўда жумыс ислеп атырған қәнигелерди қоллап-қуўатлаў, жеке меншик медицина шөлкемлерин көбейтиў, халыққа сапалы, заманагөй ҳәм нәтийжели медициналық хызмет көрсетиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

- Ҳәр бир наўқасқа сапалы ҳәм мүнәсип хызмет көрсетиў менен бирге, медициналық ҳәм туристлик хызметлерди үйлестириў зәрүр. Бул бағдарды кеңнен үгит-нәсиятлаў, сырт ел тәжирийбесин үйренип, емлеўханалар жанында мийманханалар инфраструктурасын раўажландырыў керек, - деди мәмлекетимиз басшысы.