Пәрманға бола, 2026-жыл 1-майдан баслап:
Өзбекстан Республикасы Президентиниң Виртуал қабыллаўханасының мәлимлеме системасына келип түскен мүрәжатлар бойынша ўақытты қадағалаў режими орнатылады, онда көрип шығыў мүддети өткен мүрәжатлар орынлаў ушын жоқары мәмлекетлик уйымға автоматикалық түрде өтеди.
Виртуал қабыллаўхананың мәлимлеме системасында мүрәжатларды "тез", "әпиўайы", "мәсләҳәт алыўды талап ететуғын" категорияларға ажыратыў ҳәм қадағалаўға қайтарылған мүрәжатларды 3 жумыс күни даўамында жоқары уйымлар тәрепинен қайта үйрениў әмелияты жолға қойылмақта.
Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер басшыларының халық мүрәжатлары менен ислесиў бойынша есабатларын Нызамшылық палатасы ҳәм Сенатта, ҳәкимлер ҳәм аймақлық бөлимлер басшыларының есабатларын болса тийислисинше Сенатта ямаса жергиликли Кеңеслерде ҳәр шеректе кеминде бир мәрте тыңлаў тәртиби енгизилмекте.
Мәмлекетлик уйымлардың мәлимлеме хызметлери Халық қабыллаўханалары менен биргеликте орынларда мүрәжатлар менен ислесиў жағдайын сәўлелендирип барады, сондай-ақ, ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақлардағы мүрәжатларды көрип шығыў бойынша наразылықларды үйренеди ҳәм бул олардың жумыс нәтийжелилиги көрсеткишлеринде (KPI) сәўлеленеди.
Сондай-ақ, Пәрманға муўапық, Өзбекстан Республикасы Президенти жанында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Халық қабыллаўханасы (Президент Халық қабыллаўханасы) шөлкемлестириледи.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы, сондай-ақ, район ҳәм қалалардың ҳәкимлери тийисли Халық қабыллаўханаларына жәмийетлик тийкарда басшылық етеди. Олар Халық қабыллаўханаларында турақлы түрде пуқаралардың жеке қабыллаўларын өткериў, орынлардағы машқалаларды шешиў илажларын көриў ҳәм мүрәжатларды системалы таллаўға мәжбүр.
Министрлик ҳәм уйымлардың басшылары, барлық дәрежедеги ҳәкимлер Өзбекстан Республикасы Президенти алдында өз жумысы ҳаққындағы презентациялар ўақтында халықтың мүрәжатларында анықланған системалы машқалалар ҳәм оларды сапластырыў режелери бойынша өз алдына есабат береди.
Мәмлекетлик уйымлар, шөлкемлер ҳәм жергиликли ҳәкимликлер тәрепинен өткерилетуғын жеке ҳәм көшпели қабыллаўлар системасын толық санластырыў арқалы қабыллаў процесслери үстинен қатаң қадағалаў орнатылмақта.
Жәмәәтлик мүрәжатлар халық ўәкиллери ҳәм "мәҳәлле жетилиги" қатнасыўында үйренилип, оларды қадағалаўдан шығарыў тек ғана усы шахслардың келисими тийкарында әмелге асырылады.