"Өзгидромет"тиң хабар бериўинше, пайтахтымызда жаўын жаўып, гүлдирмама болыўы мүмкин. Самалдың тезлиги 7-12 м/с.

Таў алды ҳәм таўлы аймақларда жаўын, айырым жерлерде күшли болады, гүлдирмама болыўы мүмкин. Бәлент таўлы аймақларда жаўын-шашын қарға айланыўы мүмкин. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Сел-суў өтиўи мүмкин. Самалдың тезлиги 7-12 м/с, айырым жерлерде 15-20 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.