Бүгин күндиз жаўын-шашын болмайды, тек ғана Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм ўәлаятының айырым жерлеринде қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин. Самалдың тезлиги 7-12 м/с, арқада ҳәм шөл аймақларында айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы 35-40°, қублада ҳәм шөл аймақларында 42-44° қа шекем болады.
"Өзгидромет"тиң хабар бериўинше, пайтахтта жаўын-шашын
болмайды. Самалдың тезлиги 5-10 м/с. Ҳаўаның температурасы 37-39°.
Таў алды ҳәм таўлы аймақларда айырым жерлерде қысқа ўақытлы жаўын жаўыўы,
гүлдирмама болыўы мүмкин. Сел-суў өтиўи мүмкин. Самалдың тезлиги 7-12 м/с,
айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.