Буның ушын my.gov.uz Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер
порталындағы "Абитуриентти онлайн дизимнен өткериў" хызметинен
пайдаланып, "Хызметтен пайдаланыў" түймесин басыў ҳәм "ЖООды
таңлаў" бөлимине өтиў керек.
Биринши басқышта абитуриент таңлаўда қатнасыўдың тийкарғы бағдарын
анықлаўы, сондай-ақ, мақсетли қабыллаўда қатнасыўды режелестирип атырғанын
көрсетиўи керек. Буннан кейин кириў имтиханлары тапсырылған пәнлер ҳәм оқыў
тили бойынша бесеўге шекем қәнигелик ҳәм жоқары оқыў орынларын таңлаў мүмкин.
Бир ўақыттың өзинде оқытыў формасын көрсетиў зәрүр. Бунда бир жоқары оқыў орнында бир неше бағдарды,
сондай-ақ, ҳәр қыйлы жоқары оқыў орынларында ҳәр қыйлы бағдарларды таңлаўға жол
қойылады.
Танлаў
тамамланганнан кейин "Кейинги" түймесин басыў керек. Мағлыўматларды
тастыйықлаў ушын дизимге алынған телефон номерине тастыйықлаў коды менен SMS-хабар
жибериледи. Код киргизилгеннен кейин система тәрепинен абитуриенттиң дизимге
алыў бети қәлиплестириледи ҳәм онда талабан таңлаған таңлаўдың тийкарғы
бағдары, оқыў формасы, жоқары оқыў орны ҳәм қәнигелик бағдарлары сәўлеленеди.
Ҳүжжетти электрон түрде жүклеп алыў арқалы сақлаў мүмкин.
Абитуриентлер
арзаларды қабыллаў мүддети жуўмақланғанша алдын таңлаған тәлим бағдарларына
өзгерислер киргизиў ҳәм жаңаланған дизимнен өтиў бетин қайтадан жүклеп алыў
ҳуқықына ийе.
Таңлаўдың
жуўмақлаўшы нәтийжелери, соның ишинде, абитуриент оқыўға усыныс етилгенлиги
ҳаққындағы мағлыўматлар жоқары оқыў орынлары ҳәм қәнигеликлерди таңлаў басқышы
жуўмақланғаннан соң бир ҳәпте мүддетте жәрияланады.